Президент Шавкат Мирзиёев 31-октябрь күни гидроэнергетика тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм энергетика системасын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаўға байланыслы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәжилис өткерди.

Гидроэлектр станциялар күнлик энергияны турақлы тәмийинлеўде ең нәтийжели қурал болып есапланады. Олардан алынатуғын электрдиң өзине түсер баҳасы да басқа дәреклерге салыстырғанда бираз арзан. Сол себепли тараўды раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Дәслепки үйрениўлер бойынша, елимиздеги гидроэнергетика потенциалы 8 мың мегаватты қурайды. Бирақ ҳәзирги ўақытта буның тек ғана 2 мың мегаватты жумсалмақта. Тараўға сырт ел инвестициясы ҳәм жеке меншик секторды тартып, 2030-жылға шекем жәми қуўатлылықларды 6 мың мегаваттқа жеткериў белгиленген.

Буның ушын ҳуқықый, экономикалық шараятлар жаратылған. Соның ишинде, киши ҳәм микро ГЭСлерди қурыў нийетиндеги исбилерменлерге жерлерди 20 жыл мүддетке ижараға бериў, олар ислеп шығарған электрди мәмлекет тәрепинен кепилликли сатып алыў системасы енгизилген.

Мәжилисте тараўдағы жойбарлардың ҳәзирги жағдайы көрип шығылды.

Усы жылы 20, 2024-жылы 38 киши ҳәм микро ГЭС қурыў режелестирилгени, бирақ айырым жойбарлар кешигип атырғаны атап өтилди. Ўәлаят ҳәкимлери жақын айларда быйылғы 20 станция иске қосылатуғыны ҳаққында мәлимлеме берди.

Сондай-ақ, «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети тәрепинен жәми қуўатлылығы 197 мегаватт болған 7 ири ГЭС пайдаланыўға тапсырылады. Буның есабынан электр ислеп шығарыў 7 миллиард киловатт-саатқа жеткериледи.

Мәмлекет басшысының тапсырмасына бола, қәнигелер тәрепинен гидроэнергетикада қосымша 1 мың мегаваттлы резерв анықланған. Мысал ушын, Нарын дәрьясына каскадлар қурып, 230 мегаваттлы қуўатлылықларды иске қосыў ҳәм Намангандағы 450 мың халық ушын жетерли электр ислеп шығарыў мүмкин.

Келеси жылы қуяш ҳәм самал электр станцияларының қуўатлылығы 3,5 мегаватқа жетеди. Бунда, электр тийкарынан күндизги күни ислеп шығарылыўы есабынан, энергетика системасында ретлестиретуғын қуўатлылықларға талап артады. Сол себепли мәмлекетимиз басшысы 2030-жылды күтпестен, режедеги 6 мың мегаваттлық станцияларды қурыў бойынша бес жыллық бағдарлама ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өтти. Жойбарларға жеке меншик шериклик тийкарында сырт ел энергетика компанияларын тартыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Бизге белгили, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери Президентимиздиң турақлы дыққат орайында болып тур. Мәжилисте энергетика системасында бул бағдардағы жумысларға тоқтап өтилди.

Кейинги бес жылда бул тармақ ҳәм трансформаторларды модернизациялаўға 4 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылды. Усы жылы Ташкент қаласындағы энергетика инфраструктурасын модернизациялаў бойынша үлкен бағдарлама басланды.

Сондай-ақ, ҳәр бир ўәлаятта гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў ушын кеминде 10 миллиард сумнан резерв қәлиплестирилмекте. Бул қаржылар есесине трансформатор, сым ҳәм басқа да аўысық бөлеклер жаңаланып барылады.

Улыўма етип айтқанда, аймақлардағы 33 мың трансформатор ҳәм 122 мың километр электр тармақлары ескирген. Бул жағдай, әсиресе, Ташкент, Наманган ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында көп. Усы жылдың 9 айында жәми ислеп шығарылған электрдиң 12 проценти жойтылған.

Сол себепли, ескирген трансформатор ҳәм тармақларды жаңалаў, электр шығынларын жылына 1-2 проценттен азайтып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

100 мыңнан аслам көтере тутыныўшы ҳәм 648 мың жаңа шаңарақ электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына жалғанбағаны атап өтилип, бул бағдарда тийисли көрсетпелер берилди.

Айырым аймақларда қазанхана ҳәм ыссылық тармақларын оңлаўда кемшиликлердиң бар екени айтып өтилди. Социаллық тараў мәкемелерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жағдайы да жақсы емес. Энергия жумсалыўы жоқары болған қазанларды жаңалаў режеси медицина мәкемелеринде тек ғана 62 процентке, бақшаларда 54 процентке, мектеплерге 40 процентке орынланған.

Жуўапкерлерге оңлаў ҳәм модернизациялаў жумысларын жеделлестириўге барлық күш ҳәм қуралларды жумсаў бойынша тапсырма берилди.

Сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимде халық ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң талабы ушын көмир жеткерип бериў мәселелерине тоқтап өтилди. Бул бағдарда қосымша резерв жаратыў, жеке меншик секторды да тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Халықтың талабы ушын жеткерип берилген көмирди жоқары баҳаларда нызамсыз сатып жибериў ҳәм талан-тараж етиўге жол қоймаў бойынша айрықша көрсетпе берилди.

ӨзА