Усы жыл 29-октябрь күни Шымбай районында “Жасыл мәкан” акциясы, «Жаслар орайы» имаратының ашылыўы ҳәм арқа районлардың исбилерменлерин қабыллаў мәресимлери болды.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде республикамызда түрли декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин егиў  ислери даўам етпекте. Усы тийкарда быйылғы жылдыӊ бәҳәр айларында қала ҳәм районларымыз аймағында жәми 9 миллионға шамалас терек нәлиниң егилиўи тәмийинленди. Соныӊ ишинде Шымбай районында быйылғы жылдың гүз мәўсиминде 385 мыӊ түп терек нәлин егиў режелестирилген.

Районда болып өткен акцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып,  елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеўде жасыл аймақлардың әҳмийетине тоқтап өтти. Бул илажға үлес қосыў ҳәр биримиздиӊ әдиўли миннетимиз болып табылады. Районда өткерилген акцияға нуранийлар, ҳаял-қызлар ҳәм белсенди жаслар қатнасып, жақсы нийетлер менен терек нәллерин отырғызды.

Буннан соӊ район орайында «Жаслар орайы» имаратының ашылыў мәресими болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.  Пайдаланыўға тапсырылып атырған бул имаратта жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын түрли дөгереклер шөлкемлестирилген.

Жоқарғы Кеңестиӊ Баслығы орайда жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.


Усы күни Шымбай районы ҳәкимлиги имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаевтың республикамыздың арқа районларындағы (Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Бозатаў) исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти.





Онда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан ушырасып атырған машқалалар, соныӊ ишинде, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, өндиристи кеңейтиў бағдарындағы мүрәжатлар билдирилди. Олардыӊ көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги