Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясының Өзбекстандағы басшысы Жон Заиди менен ушырасты.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўға қаратып  атырған айрықша итибары, бул бағдарда қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларды атап өтти.

Ушырасыўда “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамыздағы Үстирт тегислигинде қурылысы басланыўы алдында турған самал электр станциясы жойбарын әмелге асырыў, бул бағдарда компания жумысларын алып барыўды қоллап-қуўатлаў, қурылыс жумысларының басланыўы ҳәм жедел пәтте алып барылыўын тәмийинлеў сондай-ақ, бар мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери сөз етилди. Республикамыз аймағы самал электр станцияларын қурыў ушын қолайлы орынлардың бири есапланып, Үстирт тегислиги үлкен мүмкиншилик дәреги сыпатында хызмет етеди.

Ушырасыўда самал электр станциясын қурыў ушын Қарақалпақстанның қолайлықлары, алдағы ўақытта бул тараўды раўажландырыў илажлары, бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм кеңейтиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысыўлар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги