Ҳүрметли устаз ҳәм муғаллимлер!

Бәринен бурын, сизлерди, тәлим-тәрбия тараўының барлық жанкүйер хызметкерлери ҳәм ветеранларының улыўма халықлық байрамы – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бүгин биз мәмлекетимизде миллети, тили, динине қарамастан, ҳәр бир инсан өз қәбилети ҳәм талантын, билим ҳәм тәжирийбесин жүзеге шығара алатуғын социаллық мәмлекет қурмақтамыз. Усы мақсетте барлық күш ҳәм имканияталарымызды жасларымыздың интеллектуаллық ҳәм физикалық камалаты, олардың сапалы билим алып, турмыста мүнәсип орын ийелеўи ушын жумсамақтамыз.

Жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 78-сессиясында билимлендириў тараўындағы реформаларымыз бул абырайлы шөлкемниң «Турақлы раўажланыў мақсетлери»не сәйкес ҳәм үнлес екениниң тән алынғаны барлығымызды әлбетте қуўандырады.

Быйыл жаңа редакциядағы Конституциямызда биринши мәрте муғаллимниң статусы өз алдына белгиленип, билимлендириў системасын раўажландырыў мәмлекеттиң бас ўазыйпаларының қатарына киргизилгени бийкарға емес. Себеби, жәмийетлик турмыста муғаллимниң орны ҳәм тәсири артса – мектептиң абырайы артады, илим, билимлендириў ҳәм тәрбия тараўының қәдири көтериледи. Муғаллимниң абырай-дәрежеси болса бул миллеттиң, пүткил халықтың абырай-мәртебеси болып есапланады.

Соңғы жыллары биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли мәмлекетимизде көплеген жаңа бақшалар, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары қурылмақта. Тәлим-тәрбия ҳәм илим мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленбекте. Сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларының жаңа әўлады жаратылмақта.

Тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетин мүнәсип қәдирлеў ҳәм хошаметлеў турақлы дыққатымыз орайында болып келмекте. Соңғы жети жылда мектепке шекемги билимлендириў бойынша қамтылыў дәрежесин 27 проценттен 72 процентке, жоқары билимлендириўде болса  9 проценттен 42 процентке, жоқары билимлендириў орынларының санын 77 ден 212 ге жеткериўге ерискенимиз, сөзсиз, ең әҳмийетли жетискенлигимиз.

Тәлим-тәрбия тараўында қабыл етилген бағдарламаларымыз тийкарында кейинги ўақытта 261 жаңа орта билимлендириў мәкемесин қурыў, 2,5 мың мектепти кеңейтиў есабынан қосымша 700 мың оқыўшы орнының жаратылғанын атап өтиў керек.

Быйыл сырт елден мирәт етилген 500 шет тили қәнигеси мектеплеримизде жумыс баслады. Келеси жыллары олардың санын 3 есеге арттырамыз, 10-11-классларда бир қатар пәнлерди оқыўшылардың таңлаўы тийкарында тереңлестирип оқытыўды жолға қоямыз.

Билимлендириў тараўы хызметкерлериниң орташа мийнет ҳақысы 2 есеге көбейтиледи. Мың тәрбияшы ҳәм муғаллимлер сырт еллерге маманлық арттырыў ҳәм стажировкаға жибериледи. Муғаллимлерди жумысқа қабыллаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм категория бериў системасы да жетилистириледи. Биз перзентлеримизди миллий мақтаныш, Ўатанға муҳаббат, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға буннан былай да тийкарғы әҳмийет қаратамыз.

Қәдирли дослар!

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде мектеп билимлендириўин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў улыўма миллий ҳәрекетке айланып бармақта. Атап айтқанда наўайылы Абдукарим Саксонов, самарқандлы Қуёш Ҳақбердиев, Илҳом Рустамов, бухаралы Ойбек Намозов, қашқадәрьялы Нурбек Эргашев сыяқлы онлаған исбилерменлеримиз өз аймақларында жаңа мектеплер қурғаны, билимлендириў дәргайларын капитал реконструкциялап, заманагөй тийкарда үскенелеп бергени, аҳангаранлы ақсақал шайырымыз Барот ата Исроилов болса ҳәўлисинде китапхана ашып, оны өз есабынан 10 мың китап пенен тәмийинлеп, бул ағартыўшылық мәканын аўыл оқыўшыларына саўға еткени ҳар қанша мақтаўға ылайық.

Қатары күн сайын көбейип атырған мине, усындай инсанлар тымсалында биз жадид бабаларымыздың мүнәсип даўамшыларын, олардың әмелге асып атырған арзыў-нийетлерин, Үшинши Ренессанстың беккем тийкарын көремиз.

Имканияттан пайдаланып, бундай пидайы, сақаўатлы ўатанласларымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Раўажланыўымыздың бағдарламасы болған «Өзбекстан – 2030» стратегиясында сизлер менен бирге билимлендириў системасын және де раўажландырыў бойынша жаңа мақсет ҳәм режелерди белгилеп алдық.

Әне, усы тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў, Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешеги ушын жуўапкершиликти мойнына алатуғын әўладты тәрбиялаў бәршемизден үлкен күш-ғайрат пенен мийнет етиўди талап етеди.

Мине, усындай, мақтанышлы ўазыйпаны орынлаўда мен сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазларға ҳәр тәреплеме жәрдем ҳәм көмек бериўге таяр екенимди және бир мәрте билдирип, бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт ығбал, уллы мәртебели жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Ҳәмийше аман-есен болың, ҳүрметли устазлар!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти