Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде додаланған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарына бола, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатқа өзин-өзи тарқатып жибериў ўәкиллиги берилмекте.

Мәжилисте додалаўлар даўамында депутат Аъзам Тўлабоев бул нормаға тоқтап өтип, парламент қандай жағдайларда өзин-өзи тарқатып жибериўи мүмкин, қандай тийкарларға сүйенип бул норма иске қосылады, деген сораўды ортаға таслады.

– Бул конституциялық норма болып есапланады. Бас нызамымызда парламент қандай жағдайларда Президент тәрепинен тарқатып жиберилиўи көрсетип өтилген. Бирақ, парламент қандай жағдайларда өзин-өзи тарқатып жиберетуғыны көрсетилмеген. Егер усы тийкарларды нызамда көрсетиў керек болса, дәслеп, оны Конституцияға киргизиў керек болады. Ҳәр қандай жағдайда, егер депутатлардың жетерли даўысы жыйналатуғын болса, парламент өзин-өзи тарқатып жибериўи мүмкин. Бул Конституцияла белгиленген. Нызамда белгили бир тийкарларды көрсететуғын шеклеўши норманы киргизиў мақул емес,-деп жуўап берди комитет баслығы Жаҳонгир Ширинов.

М.Комилова, ӨзА