Бүгинги күни халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады. Бул бағдарда соңғы жыллары көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мәселелерине бағышлап, республикамыздағы тийисли тараў басшыларының қатнасыўында бас қоспа мәжилисин өткерди.

Онда азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелери қарап шығылды.

Соны айтып өтиў керек, республикамыз ҳүкимети тәрепинен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында шийки өнимлерди сақлаў кәрханасына тийисли қаржылар ажыратып берилди.

Соның ишинде, быйылғы гүзги-қысқы мәўсими ушын жәми 50 мың тонна тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери резервин таярлаў режелестирилген болып, бул ушын талап етилетуғын қаржылардың есап-санақлары ислеп шығылмақта. Сондай-ақ, картошка резервин жаратыў бойынша да шәртнамалар дүзилип, реже тийкарында қоймаханаларға жайластырыў илажлары алып барылмақта.

Тилекке қарсы, азық-аўқат өнимлери резервин қәлиплестириў ушын музлатқыш ҳәм қоймаханалар бар болғаны менен айырым районларда бул жумысларды дурыс жолға қойыў тәмийинленбеген. Арнаўлы жумысшы топар ағзалары тәрепинен жумыс жүргизип атырғанларының да бүгинги ислеў жағдайлары үйренилгенде музлатқыш ҳәм қоймаханалары ҳәрекетсиз турғанлығы анықланған.

Мәжилисте халқымызды гүзги-қысқы мәўсимде арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, базарларымызда баҳалардың турақлылығын сақлап турыў мақсетинде “Нөкис арзан өнимлер” өнимлерди таярлаў кәрханасына тийисли қаржылар ажыратылып, оларды базарларға алып келиў, музлатқышларда сақлаў ҳәм зәрүрлигине қарап сатыўға шығарыў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соның менен бирге, мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер сын көзқараста қарап шығылып, машқалаларды унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына көрсетпелер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы