Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-декабрьдеги «Исбилерменлер күни»н белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық ҳәр жылы мәмлекетимизде 20-август сәнеси Исбилерменлер күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.
Бул сәне бизиң республикамызда да көтериңки кейпиятта белгиленип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев илаж қатнасыўшыларын «Исбилерменлер күни» байрамы менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен бүгинги күни оғада əҳмийетли болған, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша турмысқа енгизилип атырған басламалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларға кең түрде тоқтап өтти.
Соның ишинде, Президентимиздиң усы жылдың 8-август күни “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы және бир тарийхый пәрманы қабыл етилгенин ҳәм бул ҳүжжет тийкарында республикамыз исбилерменлерине еле де кең имканиятлар жаратылатуғынлығы атап өтилди.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы тарийхый пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылды.
Өткерилген байрам салтанатында исбилерменлер ушын жаратылған усындай кең имканиятлар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, берилген жеңилликлер ҳәм усы тийкарда елимизде бизнес орталығы жақсыланып, исбилерменлер саны көбейип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.
Байрам илажында Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрманлары тийкарында сыйлықланған Мойнақ районындағы «Mойнақ Tур» жәмийетиниң директоры Амина Бекжановаға «Дўстлик» ордени, Нөкис районындағы «Нукус Агро Фиш Кластер» кәрханасының баслығы Қаллибек Примбетовқа «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, 6 белсенди исбилерменлеримизге “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам илажы көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы