Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткермекте.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, 2023-жылдың алты айында тексериўлер өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 40 процентке азайған. Яғный, исбилерменлер дурыс ислеў «саяда жумыс ислеўден» абзал екенин түсинип жетпекте. Соның ушын да салық есабатларын тапсырыў ҳәм камерал тексериў нәтийжелери бойынша финанслық жәриймалар қолланыў бийкар етилди.

Улыўма етип айтқанда, өткен бир жыл ишинде киши исбилерменлердиң саны 40 мыңға көбейди, орта исбилерменлердиң саны 2 мыңға шекем артып, 10 мыңға жетти. Ири кәрханалардың саны болса бир жылда 400 ге көбейип, 1,5 мың болды.

Берилген жеңилликлерден пайдаланып, бир жылда 155 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллион доллардан артты. Киргизилген жыллық сырт ел инвестицияларының көлеми болса биринши рет 10 миллиард долларға жетти.

Болып өткен ашықтан-ашық сөйлесиўлерден соң кейинги еки жылда кәрханаларымыз тәрепинен 25 миллиард доллар муғдарында өнимлер экспорт етилди ҳәм бурын импорт етилген 10 миллиард доллар муғдарындағы өнимди өзимизде ислеп шығарыў жолға қойылды.

ӨзА