Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы «Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы «Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманына муўапық Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлиги Өзбекстан Республикасы Миллий антидопинг агентлиги (кейинги орынларда – Миллий антидопинг агентлиги) етип қайта дүзилсин.
- Төмендегилер:
Миллий антидопинг агентлиги жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;
Миллий антидопинг агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Миллий антидопинг агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Миллий антидопинг агентлигиниң жумысын трансформациялаў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Миллий антидопинг агентлиги:
республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы статусына ийе болып, өз жумысында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетине есап бериўши болып есапланатуғыны;
Пүткил жер жүзилик антидопинг агентлигиниң талаплары ҳәм қағыйдаларының орынланыўы үстинен турақлы мониторинг алып баратуғыны ҳәм жедел енгизетуғыны;
ЮНЕСКОның Спортта допингке қарсы гүресиў ҳаққындағы халықаралық конвенциясы ҳәм Пүткил жер жүзилик антидопинг кодексинен келип шығатуғын миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлейтуғыны;
өз ўәкилликлери шеңберинде Өзбекстан спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да қәнигелердиң ҳуқықлары менен мәплерин көрсететуғыны ҳәм қорғаў илажларын көретуғыны;
спортта допинг қолланыўының алдын алыў ҳәм допингке қарсы гүресиў бойынша методикалық усыныслар ислеп шығатуғыны;
допинг қадағалаўы нәтийжелерин басқарыў тәртип-қағыйдаларын белгилейтуғыны, структурасындағы комиссиялардың жумысын шөлкемлестириў арқалы анықланған спортта допинг қолланыў жағдайлары бойынша интизамий илажлар көретуғыны;
министрликлер ҳәм уйымлар, физикалық тәрбия-спорт шөлкемлери ҳәм басқа да структуралардың антидопинг қадағалаўы тараўында қоспа илажлар шөлкемлестириў ҳәм тәжирийбе алмасыў арқалы өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлейтуғыны;
өзиниң бюллетень ҳәм басқа да рәсмий басылымлары ҳәм өз жумысына тийисли мағлыўмат ҳәм материаллар басып шығарылыўын тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Пүткил жер жүзилик антидопинг агентлигиниң усынысын есапқа алған ҳалда, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларына муўапық министрликлер ҳәм уйымларда бирден-бир мийнетке ҳақы төлеў системасы енгизилгенге шекем 2023-жыл 15-майдан баслап:
Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядлары бойынша Миллий антидопинг агентлиги хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларын белгилеўде тариф коэффициентлери 2,5 есе муғдарында қолланылатуғыны;
Миллий антидопинг агентлиги хызметкерлерине Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендеги муғдарда көп жыллық жумыс ислегени ушын ҳәр айлық үстеме төленетуғыны (хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда лаўазымлық мийнет ҳақысына коэффициентлерде): 1 жылдан 3 жылға шекем – 0,3, 3 жылдан 5 жылға шекем – 0,6, 5 жылдан 10 жылға шекем – 0,8, 10 жылдан 15 жылға шекем – 1,0, 15 жылдан 20 жылға шекем – 1,2, 20 жылдан жоқары – 1,5.
Онда, көп жыллық жумыс ислегени ушын ҳәр айлық үстеме төлемлери коэффициентин есаплаўда Миллий антидопинг агентлиги хызметкерлериниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан (жеке исбилермен ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында жумыс ислеген дәўиринен тысқары) барлық шөлкемлердеги мийнет жолы дәўири есапқа алынатуғыны белгиленсин.
- Миллий антидопинг агентлиги (А.Садиков):
а) еки ҳәпте мүддетте:
Миллий антидопинг агентлиги структуралық бөлимлериниң режелерин ҳәм бөлимлер басшыларының ўазыйпалары менен функцияларын тастыйықласын;
Мәмлектелик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте Миллий антидопинг агентлиги маман, терең теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған, өз ўазыйпаларын нәтийжели ҳәм жуўапкершилик пенен орынлайтуғын кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин;
усы қарардың мазмун-мәнисин Пүткил жер жүзилик антидопинг агентлигине жеткериў илажларын көрсин;
б) 2023-жыл 1-августқа шекем республикада ҳәм сырт елде өткерилетуғын жарысларда допинг-сынақлары алыў ҳуқықына ийе болған халықаралық категориядағы допинг офицерлерин Халықаралық тест агентлигинде (International Testing Agency) оқытыўды жолға қойсын;
в) 2023-жыл 15-декабрьге шекем Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте антидопинг қадағалаўы ҳәм мониторинги тараўларын санластырыў бойынша илажларды әмелге асырсын. Онда:
допинг-тест ҳәм допинг қадағалаўын шөлкемлестириў, спортшылар ҳаққында мағлыўматларды топлаў ҳәм сақлаўға байланыслы спортшының «биологиялық паспорты» (АВР) онлайн системасын енгизиў;
спортшылар ушын антидопинг билимлендириў электрон платформасын жаратыў;
басқышпа-басқыш Спортта қадаған етилген статьяларды тексериў миллий платформасын ензиў нәзерде тутылсын;
г) 2024-жыл 1-январьға шекем Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) менен биргеликте спортта допинг қолланыўының алдын алыў ҳәм антидопинг қағыйдаларын үйретиў, сондай-ақ, допинг қадағалаўын әмелге асырыў бағдарында тренерлер ҳәм медицина хызметкерлери ушын онлайн ҳәм офлайн тәризде маманлық арттырыў курсларын шөлкемлестирсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылардың 2023-жылы Мәмлекетлик бюджетте Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде ажыратылыўын, 2024-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Миллий антидопинг агентлиги Ташкент қаласы, Абдулла Қодирий көшеси, 2-жай мәнзилиндеги имаратқа тегин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Миллий антидопинг агентлиги бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Миллий антидопинг агентлиги директоры А.А.Садиков белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.К.Абдурахмоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 8-май