Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бәҳәр ҳәм тәбият ояныўының тымсалы, шығысқа тән жаңа жылдың басланыўы болған Наўрыз байрамын бәлент руўх ҳәм үлкен шадлық пенен белгилеў әзелден елимиз ушын гөззал дәстүр есапланады.
Халқымыздың көп әсирлик ийгиликли қәдириятларын, оның арзыў-нийетлерин өзинде жәмлеген бул қутлы байрам ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм халықларға тийисли барлық ўатанласларымыз ушын улыўмахалықлық байрамына айланды.
Наўрыз байрамының руўхы ҳәм философиясында жәмленген жақсылық ҳәм кеңпейиллик, татыўлық ҳәм аўызбиршилик, қоршаған орталықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў сыяқлы кеңпейиллик идеялары Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған тарийхый өзгерислердиң мақсет ҳәм мазмунына толық үнлес болып есапланады.
Ҳәзирги күнде жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм дослық сезимлерин беккемлеў, халқымыз, бәринен бурын, жас әўладымыздың кеўли ҳәм сана-сезиминде Ўатанымыздың бүгини ҳәм келешегине қолқатылмаслық сезимин күшейтиўде Наўрыз байрамының әҳмийети барған сайын артып бармақта.
Елимиз жасарыў ҳәм жаңаланыў, мийрим-шәпәәт паслы сыпатында ҳүрметлейтуғын, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам деп тән алынған Наўрыздың руўхый турмысымыздағы үлкен орны ҳәм тәсирин есапқа алып, бул байрамды миллий қәдирият ҳәм үрп-әдетлеримизге үнлес тәризде, ҳәр тәреплеме мүнәсип дәрежеде белгилеў мақсетинде:
- 2023-жылы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мәмлекетимизде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» деген баслы идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллер тәризинде көтериңки руўх ҳәм жоқары дәрежеде белгиленсин.
- Төмендегилер:
2023-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети қурамының 1-қосымшаға муўапық;
2023-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамын белгилеў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Шөлкемлестириў комитети 2023-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамын белгилеў бойынша «жол картасы»нда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы ҳәм бул байрамның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда улыўмахалықлық сейиллер түринде кеңнен белгилениўин тәмийинлесин.
- Байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериўде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
Наўрыз байрамына тән жаңаланыў ҳәм дөретиўшилик руўхын, ана жерге меҳир ҳәм итибар, инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлесликти сәўлелендиретуғын, адамларды бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысты қәдирлеп, қоршаған орталық және оның байлықларын қәстерлеп сақлаўға, ийгиликли мақсетлер менен жасаўға ийтермелейтуғын руўхый-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў;
мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм инсан қәдирин улығлаў мақсетинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, халқымыздың турмысы, дүньяға көзқарасында жүз берип атырған унамлы өзгерислерди Наўрыздың әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлери менен муўапық тәризде, тәсиршең көркем өнер қураллары арқалы сәўлелендириў;
абаданлық рәмзи болған Наўрыз байрамы алдынан барлық қала ҳәм аўылларда, мәҳәллелерде улыўмахалықлық шембиликлер, кең көлемли абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў;
халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт пазыйлетлерин даўам еттирип, ҳүрметли нуранийларымызды ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, «Меҳрибанлық», «Мүриўбет» ҳәм «Сақаўат» үйлеринде жасап атырған адамларға, жәрдемге мүтәж пуқараларға бийғәрез жәрдем бериўге байланыслы қайырқомлық илажларын өткериў;
елимизде миллетлераралық дослық ҳәм пуқаралар арасында татыўлық орталығын беккемлеў, усы мақсетте әмелге асырылып атырған системалы жумыслардың әмелий нәтийжелерин, Өзбекстан пуқарасы болған түрли миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери тәрепинен Наўрыз улыўмахалықлық байрамын белгилеўге байланыслы илажларды шөлкемлестириў ҳәм кеңнен сәўлелендириў;
орынларда болып өтетуғын сейиллерге фольклор топарлары, көркем өнер ҳәўескерлик топарлары, дәрўазлар ҳәм бақсылар, сондай-ақ, талантлы көркем өнер атқарыўшылары менен эстрада артистлерин тартыў;
Наўрыз сейиллериниң бағдарламаларын таярлаўда ески үрп-әдетлеримиз ҳәм халық ойынлары, мәдений мийрасымыздың жарқын үлгилери болған қосықлар, бақсы ҳәм дәрўазшыларға кеңнен орын бериў;
байрам илажлары шеңберинде өнерментшилик көргизбелери, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестириў, китап текшелери, көшпели саўда дүканларын шөлкемлестириў, көк шөп тағамларын таярлаў ҳәм олардың саўдасын жолға қойыў;
ғалаба хабар қуралларында Наўрыздың тарийхый ҳәм мазмун-мәнисин, аймақларда, сондай-ақ, сырт еллердеги ўатанласларымыз арасында байрамды белгилеў бойынша қәлиплескен үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди кеңнен сәўлелендириў.
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги (О.А.Назарбеков):
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ҳожиматов), Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Наўрыз байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған концерт тамашасының бағдарламасы ҳәм сценарийсин ислеп шықсын;
бул концерт тамашасын тәжирийбели сценарист ҳәм режиссёрлар, композитор ҳәм мелодистлер, балетмейстлерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнер ўәкиллерин тартқан ҳалда жоқары көркемлик дәрежеде таярлаў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ҳәпте мүддетте Наўрыз улыўмахалықлық сейиллерине ҳәр тәреплеме мүнәсип таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша аймақлық илажлар бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өткерилетуғын байрам илажларына байланыслы қәрежетлер:
Ташкент қаласында – республикалық бюджет ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджет қаржылары есабынан тең үлеслерде;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм орынлардағы қәўендерлик қайырқомлықлар есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў және оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдураҳмоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 1-март