Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, жерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм көп қабатлы өндирислик имаратларды қурыўды сондай-ақ, аймақлардың санаат потенциалын кеңейтиўди салық жүгин азайтыў есабынан хошаметлеў мақсетинде:
- 2023-жыл 1-апрельден 2024-жыл 1-майға шекем эксперимент түринде республикалық бюджеттен пахта ҳәм (ямаса) ғәлле жетистириўге қәнигелескен фермер хожалықларына олардың жумысшыларының мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәраматлары бойынша төленген физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын бир ўақыттың өзинде төмендеги шәртлерге әмел еткенде қайтарып бериў тәртиби енгизилсин:
аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәр бир гектар жер ушын айына кеминде бир жумысшының бәнтлиги тәмийинленгенде;
ҳәр бир жумысшы ушын айына мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәрамат мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының бир есесинен аз болмаған муғдарда белгиленгенде;
пахта ҳәм (ямаса) ғәлле жетистириўге қәнигелескен фермер хожалығы өткен жылдың жуўмағы бойынша Салық кодексиниң 57-статьясының талапларына жуўап бергенде.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Салық комитети бир ай мүддетте республикалық бюджеттен пахта ҳәм (яки) ғәлле жетистириўге қәнигелескен фермер хожалықларының есап бетлерине олардың жумысшыларының мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәраматлары бойынша төленген физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын есап бериў айынан кейинги айдың 25-сәнесинен кейин толық муғдарда қайтарыўдың автоматластырылған системасын ислеп шықсын.
- 2023-жыл 1-апрельден баслап исбилерменлик субъктлери жаңадан қурылған көп қабатлы өндирислик имаратлар, соның ишинде, 2023-жыл 1-январьдан кейин пайдаланыўға тапсырылған имаратлар бойынша (республиканың қалалары, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятының Зәңгиата, Қыбрай ҳәм Ташкент районларында жайласқан имаратлар буған кирмейди) юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық бойынша есапланған сумманы үш қабатлы имаратқа-0,9, төрт қабатлы имаратқа – 0,8, бес қабатлы имаратқа – 0,7, алты қабатлы имаратқа – 0,6, жети ҳәм оннан жоқары қабатлы имаратқа – 0,5 төменлетиўши коэффициентти қолланған ҳалда, буны пайдаланыўға тапсырылған айдан баслап 3 жылдан артық болмаған мүддетке төлейди. Онда, усы бәнтте белгиленген төменлетиўши коэффициент:
өним ислеп шығарыў бойынша жумысты әмелге асырыў ушын зәрүр болған жәрдемши ханалар менен (офис ушын ханалар ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди сатыў ушын, кәсипти ийелеў мақсетинде шөлкемлестирилген оқыў-өндирислик ханалар ҳәм т.б) бирге, егер олардың майданы жаңадан қурылған көп қабатлы өндирислик имараттың улыўма майданының 20 процентинен артпаған болса;
өндирис мақсетлеринде имарат бир неше хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен биргеликте пайдаланылып атырған болса, бундай имараттың ҳәр бир мүлк ийеси тәрепинен қолланылатуғыны белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 23-февраль