Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, экспорт жумысын қосымша қоллап-қуўатлаў арқалы жергиликли өнимлердиң жаңа перспективалы базарларға кирип барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен экспорт алды ҳәм экспорт пенен байланыслы саўда операцияларын қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын қаржы ресурслары есабынан берилген кредитлерди өз ўақтында сөндирип киятырған исбилерменлик субъектлерине кредиттиң сөндирилген бөлегине сәйкес түрде қосымша кредитлер ажыратыўға руқсат етилетуғыны;
2024-жыл 1-январьға шекем Европа, Түркия, Египет ҳәм Марокко мәмлекетлерине гезлеме, трикотаж материал өнимлерин экспорт етиўде тасыў қәрежетлериниң 70 процентин компенсациялаўға субсидиялар берилетуғыны белгиленсин.
- Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (Ж.Ходжаев) еки ҳәпте мүддетте Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен коммерциялық банклерге экспорт етиўде тасыў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў тәртиплерине тийисли өзгерис киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 21-декабрь