Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимиз халқына сапалы ҳәм кепилликли аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ыссыхана хожалықлары ҳәм музлатқышлы қоймаханалардың экономикалық жақтан нәтийжели ислеўи ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, бул тараўда бәнт болған халықтың дәраматларын арттырыўды қосымша хошаметлеў мақсетинде:

  1. Ыссыхана хожалықларында өним жетистириў ҳәм таяр өнимди ишки ҳәм сыртқы базарға бағдарлаўдың сондай жаңа механизми енгизилсин, оған муўапық Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги:

ыссыхана хожалықларына туқым, нәл, минерал төгин ҳәм басқа да материаллық ресурсларды жеткерип бериў ҳәм жетистирилген өнимди олардан сатып алыў илажларын көреди;

республикада жумыс алып барып атырған тәжирийбели ҳәм қәнигели агроном, энтомолог, лаборатория кадрларын ыссыхана хожалықларына шәртнама тийкарында усыныс етеди;

сертификатланған ҳәм кепилленген туқым ҳәм нәллерди жетистириў бойынша арнаўлы нәлханаларды шөлкемлестириўге жәрдемлеседи;

ыссыхана хожалықлары менен өз-ара бирге ислесиў тийкарында кооперациялық жумысты жолға қойыў, жетистирилген өнимди сортлаў, қайта ислеў, сақлаў, қадақлаў ҳәм экспорт етиўге жәрдемлеседи;

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги менен биргеликте келисим тийкарында аймақлық инспекторларды бириктиреди ҳәм өсимликлерди қорғаўды шөлкемлестириў бойынша хызметлер көрсетилиўин тәмийинлейди.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Орайлық банк. Аўыл хожалығы министрлиги және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

а) халықаралық финанс институтлары, мақсетли қорлар және Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан ыссыхана хожалықлары ҳәм музлатқышлы қоймаханалар ушын ажыратылған миллий ҳәм сырт ел валютасындағы кредитлерди қайтарыў мүддетлерин улыўма есапта 14 жыл етип белгилеў ҳәм жеңилликли дәўирди 3 жылдан 5 жылға шекем созыў (мүддети өткен тийкарғы процент қарыздарлықларын кредит дәўирине тең муғдарда созыў). Онда, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў  мәмлекетлик қоры тәрепинен бурын берилген кепиллик ҳәм кредит процентлериниң компенсациялары сақланып қалады.

Бул жеңилликлер Ыссыхана хожалықларының қаржы жағдайын жақсылаў ҳәм раўажландырыў бойынша республикалық жумысшы топардың үйрениў нәтийжелерине бола қәлиплестирилген дизим тийкарында бериледи;

б) ыссыхана хожалықларын айланба қаржы (туқымлық, нәл, төгин, химиялық қураллар, ыссыхана материалларын сатып алыў ҳәм ысытыў қәрежетлери ушын) менен тәмийинлеў ушын коммерициялық банклер тәрепинен бир жыл мүддетке алты айлық жеңилликли дәўир менен кредит ажыратыў. Онда:

бул кредитлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2022-жыл 6-октябрьдеги ПҚ-387-санлы қарарында нәзерде тутылған тәртипте ҳәм шәртлерде Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине ажыратылған бюджет ссудасы есабынан қаржыландырылады;

ыссыхана хожалықларында экспортқа қолайлы өним жетистириўге талап етилген айланба қаржылар ушын сырт ел валютасындағы банк кредитлери Экспортты қаржыландырыў агентлигиниң қаржылары есабынан жыллық 4 процент ставкада (соннан, банк маржасы 2 процент) ажыратылады. Онда, кредит тәмийнаты сыпатында «Өзбекинвест» қамсызландырыў компаниясы қамсызландырыў полиси қабыл етиледи ҳәм қамсызландырыў сыйлығы қәрежетлериниң 75 проценти Экспортты хошаметлеў агентлигиниң қаржылары есабынан қаплап бериледи;

ажыратылған кредитлерди қайтарыў мүддетлери  ыссыханаларда зүрәәтти жыйнап алыў ҳәм сатыў мүддетлерине сәйкеслендириледи және кредитлерди қайтарыў графиклери сол тийкарда тастыйықланады;

в) ыссыхана хожалықларына тәбыйғый газ бойынша төлемди өз ўақтында әмелге асырмағаны ушын пеня суммасы 2022-жыл 1-октябрьден 2023-жыл 1-апрельге шекем, бурынғысынан басқаша тәризде, есапланбайды.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте 15 күн мүддет ишинде усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған миллий ҳәм сырт ел валютасындағы кредитлердиң белгиленген тәртипте қайта рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

а) ыссыхана хожалықлары ушын коммерциялық банклерге кредит ҳәм олардың процентин қайтарыў мүддети қатаң түрде өнимниң писип-жетилиўи дәўирине сәйкеслендириледи;

б) санаат типиндеги заманагөй ыссыхана ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў ушын бир пүтин майданлар бирден-бир (аймақта) «лот» пенен аукцион саўдаларға шығарылады. Онда, ажыратылатуғын майданлардың көлеми аймақ шараятыннан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери тәрепинен белгиленеди.

  1. 2022-2023-жылларда ыссыхана хожалықларын инженерлик-коммуникация тармақлары (ишимлик ҳәм ақаба суўы, электр энергиясы ҳәм ирригация тармақлары) менен тәмийинлеў бойынша мәнзилли дизим 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қаржы министрлиги, Энергетика министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте 2022-2023-жылларда республика бойынша жумыс алып барып атырған ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын ыссыханалар ушын электр жеткерип бериў линияларын қурыў, ирригация ҳәм мелиорация тармақларын тартыў бағдарламасын және ажыратылатуғын бюджет қаржылары параметрлерин тастыйықласын. Онда, ажыратылатуғын қаржылар киши санаат зоналары ушын нәзерде тутылған бюджет қаржылары шеңберинде көрип шығылады.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги және Өзбекстанның сырт ел мәмлекетлериндеги елшиханалары менен биргеликте:

бир ай мүддетте жеке сектордың қатнасыўында дәстүрий ири экспорт базарлары аймағында мийўе-овощларды сақлаў, сортлаў ҳәм қадақлаў сыяқлы комплексли логистикалық имканиятларға ийе болған саўда комплекслерин шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министлер Кабинетине киргизсин;

сыртқы базарларда «алдыннан күтилмеген» ҳәм саламат емес бәсеки ақыбетинде жүзеге келетуғын қаржы шығынларын, бәринен бурын экспортқа жүкленетуғын өнимлер бойынша сырт елли шериклер менен дүзилетуғын узақ мүддетли саўда шәртнамалары арқалы алдын алыў илажларын көрсин;

2022-жылдың ақырына шекем Япония, Корея Республикасы, Европа мәмлекетлериндеги жаңа экспорт базарларын ашыў бойынша ҳүкиметлераралық келисимлерге қол қойылыўын тәмийинлесин.

  1. Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Энергетика министрлиги бир ай мүддетте аймақлардағы ыссылық электр станциялары ҳәм орайларынан ыссылық энергиясын алып ислейтуғын ыссыханаларға энергия жеткерип бериўде «жасалма» дәлдалшылар пайда болыўы ҳәм баҳалардың тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў илажларын көрсин.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте ыссыханаларда жетистирилген өнимлерди базарларға жеткериўди кеңейтиў мақсетинде халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан агрологистика жойбарларын әмелге асырыўда жүк автомобильлерин (суўытқышлы) сатып алыўды қаржыландырыў илажларын көрсин.
  3. Ыссыхана хожалықларының финанслық жағдайын жақсылаў ҳәм раўажландырыў бойынша республикалық жумысшы топардың қурамы (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топар) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық жумысшы топар (А.Воитов):

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлери, коммерциялық банклер менен биргеликте аймақлардағы нәтийжесиз ыссыхана хожалықларын анықлап, ийелери менен келисе отырып олардың жаңа басламашыларға өткерип берилиўин (алды-сатты, кредит бойынша банк алдындағы миннетлемелерин сатып алыў ямаса келисилген шәртлерде) шөлкемлестирсин;

еки ай мүддетте жер участкасына болған ийелик ҳуқықын рәсмийлестириўде машқаласы болған ыссыхана хожалықларын хатлаўдан өткерип, олардың шешими бойынша Аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәм тоғай фонды ийелериниң жер фонды категорияларын өзгертиў мәселелерин көрип шығыў бойынша Ҳүкиметлик комиссияға усыныс киргизсин;

ыссыхана хожалықларының қаржы жағдайын жақсылаў ҳәм раўажландырыў бойынша турақлы түрде усыныслар киргизип барсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ғалаба хабар қуралларында ыссыхана хожалықларында интенсив усылда өним жетистириў, оларды ишки ҳәм сыртқы базарларға жибериў бойынша унамлы тәжирийбелерди ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барсын.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, оның орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ш.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 2-ноябрь