Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-август күни өткерилген исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўи шеңберинде белгиленген мүлк ҳуқықларын  шеклеп атырған факторларды сапластырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясына муўапық:

  1. Жеке меншикке ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны қарамағына өткериў ҳуқықын тиккелей ямаса жанапай шеклеўди нәзерде тутатуғын, мүлклик қатнасықларда базар экономикасы принциплерин толық енгизиўге тосқынлық етиўши төмендеги тәртиплер, талаплар ҳәм шеклеўлер 2022-жыл 1-сентябрьден баслап бийкарлансын:

а) жер участкаларына болған ҳуқықлардан пайдаланыў тараўында:

жер участкаларына болған ҳуқықтың жүзеге келиўи ушын тийкар болған ҳүжжетлерди, соның ишинде, Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳүжжетлерин олардың өзи ямаса жоқары туратуғын орган ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен, атап айтқанда прокурор протести тийкарында бийкарлаў жолы менен жер участкасына болған ҳуқықты сапластырыў, буған усы ҳүжжетлерди суд тәрепинен бийкарлаў ямаса ҳақыйқый емес деп табыў жағдайлары кирмейди;

жер участкасынан ықтыярлы ўаз кешкенде оған болған ҳуқықтың бийкар етилиўин Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик уйымлардың қарары менен рәсмийлестириў. Онда жер участкасынан ықтыярлы ўаз кешиў ҳаққында нотариал тастыйықланған арза усы жер участкасына болған ҳуқықларды бийкарлаў ушын тийкар болып табылады;

юридикалық тәрептиң сапластырылыўы мүнәсибети менен оның жер участкасына (аўыл хожалығы жерлеринен тысқары) болған ҳуқықларын бийкарлаў. Онда, бул ҳуқықлар юридикалық тәреп шөлкемлестириўшилерине (қатнасыўшыларына), егер нызамшылықта, шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде ямаса шөлкемлестириўшилер арасындағы келисимге муўапық басқаша шәртлер нәзерде тутылмаған болса, олардың юридикалық тәрептеги үлесине (қосылған үлесине) сәйкес түрде өткериледи;

жер участкаларын жәмийеттиң зәрүрликлери ушын алып қойыўда компенсация сыпатында мүлктеги басқа көшпес мүлк объектин мүлк етип бериў, буған көп квартиралы жайларда жайласқан турақ жай объектлери кирмейди;

б) турақ жайға болған мүлк ҳуқықларын әмелге асырыў тараўында:

турақ жайға болған мүлклик ҳуқықларға ямаса турақ жай мүлк ийелери менен туўысқанлық байланысларына ийе болмаған шахсларды усы турақ жайдан турақлы дизимнен шығарыў ушын олардың келисимин алыў, буған тәреплер арасында басқаша келисим дүзилген жағдайлар кирмейди;

суд тәрепинен турақ жайға болған инсаплы ийелеўши деп табылған физикалық тәрептен усы турақ жайды оған мүлк ҳуқықы дизимнен өткерилген ўақыттан баслап үш жыл өткеннен соң натура тәризинде талап етип алыў;

в) физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мүлк ҳуқықына тийисли болған имарат ҳәм объектлер, транспорт қуралларынан пайдаланыў тараўында – мүлклик ҳуқықлардың жүзеге келиўи ушын тийкар болған ҳәкимшилик ҳүжжетлерди усы ҳүжжетти қабыллаған ямаса жоқары туратуғын ҳәкимшилик уйым ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен, атап айтқанда прокурор протести тийкарында бийкарлаў жолы менен ҳуқықларды сапластырыў, буған усы ҳүжжетлерди суд тәрепинен бийкарлаў ямаса ҳақыйқый емес деп табыў жағдайлары кирмейди;

г) корпоративлик қатнасықлар тараўында:

мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың мүлкин сапластырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ямаса басқа да көринистеги ҳәкимшилик ҳүжжетлерди қабыллаў әмелияты. Бунда, хожалық жәмийетиниң устав фондындағы (капиталындағы) мәмлекет үлесине (акцияларына) ийелик ететуғын мәмлекетлик уйымлар акционер сыпатында қарарлар қабыл етиўди (даўыс бериўди) жоқары туратуғын мәмлекетлик уйым менен жазба түрде келисип алыўы мүмкин;

юридикалық тәреплердиң устав фондындағы (капиталындағы) гиреўге қойылған үлеслерди (қосылған үлеслерди) гиреўге алыўшының келисимисиз қарамағына өткериў әмелияты. Онда, усы келисимниң берилмегени шөлкемлестириў ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислерди мәмлекетлик дизимнен өткериўди бийкарлаў ушын тийкар болып есапланады, буған нызамда нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди;

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап Кадастр ҳәм көшпес мүлклерди дизимнен өткериўдиң интеграциялық мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – UZKAD системасы) көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестри және көшпес мүлк объектлери ҳаққындағы мағлыўматлар жүргизилетуғын, мағлыўматлардың ҳақыйқыйлығы ҳәм исенимлилиги мәмлекет тәрепинен кепилленетуғын бирден-бир мәлимлеме системасы етип белгиленсин.

Онда:

UZKAD системасына Гиреў реестри, «Нотариус» автоматластырылған мәмлимлеме системасы, Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестри, Исбилерменлик субъектлериниң бирден-бир мәмлекетлик реестри, Өзбекстан Республикасы салық төлеўшилериниң бирден-бир реестри, «Мәмлекетлик мүлк» мәлимлеме системасы, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм олардың бөлимлери реестри, лицензиялар, рухсат етиў өзгешеликлерине ийе ҳүжжетлер ҳәм хабарнамалар реестрлери ҳәм көшпес мүлк объектлерине байланыслы мағлыўматлар жүргизилип атырған басқа да барлық мәмлекетлик мәлимлеме системалары интеграцияланады және реал ўақыт режиминде онлайн мағлыўмат алмасыў жолға қойылады.

онлайн мағлыўмат алмасыў ўақтында көшпес мүлкке болған ҳуқық қағаз түринде ямаса басқа да мәлимлеме системасында мәмлекетлик дизимнен өткерилгени, сол себепли UZKAD системасында болғанлығы анықланған жағдайда, үш күн ишинде усы ҳуқық UZKAD системасында ҳақы өндирилмей ҳәм арза талап етпей мәмлекетлик дизимнен өткериледи ҳәм мағлыўмат бериледи;

көшпес мүлк пенен байланыслы келисимлерди рәсмийлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў UZKAD системасындағы мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылады, көшпес мүлк ҳаққында усы системада болмаған басқа мағлыўматларды талап етиўге жол қойылмайды, мағлыўматлардың дурыслығы мәмлекет тәрепинен кепилленеди, буған нызамда нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге салықларды есаплаў, ҳәрекетлерди рәсмийлестириў, мәмлекетлик хызметлер, банк, коммунал, қамсызландырыў ҳәм басқа да ғалабалық хызметлерди көрсетиўде көшпес мүлкке байланыслы барлық мағлаўматлар тийисли мәмлекетлик уйымлар және хызмет көрсетиўши адамлар тәрепинен UZKAD системасынан алынады;

Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрге киргизилген жазыўлар ҳәм көшпес мүлк объектлери бойынша «мүлк тарийхы»на байланыслы мағлыўматлар физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын ашық болады ҳәм олардан ҳақы есабынан Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы пайдаланылады, буған мәмлекетлик сырға байланыслы және «Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамында нәзерде тутылған мағлыўматлар кирмейди.

Кадастр агентлиги қағаз түринде ямаса басқа мәлимлеме системаларында мәмлекетлик дизимнен өткерилген көшпес мүлкке болған ҳуқықлар ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр бир көшпес мүлк объектин басқышпа-басқыш идентификациялаған ҳалда UZKAD системасына толық өткерсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жер участкалары жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойылыўы мүнәсибети менен зыянлардың орнын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қаплаў бойынша республикалық орайласқан қоры – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген мүлк зыянларын компенсациялаў бойынша республикалық мақсетли қоры (кейинги орынларда – республикалық компенсация қоры) деп;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Жер участкаларының жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойылыўы мүнәсибети менен зыянлардың орнын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қаплаў бойынша аймақлық орайластырылған қорлар – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген мүлк зыянларын компенсациялаў бойынша аймақлық мақсетли қорлар (кейинги орынларда – аймақлық компенсация қорлары) деп қайта аталсын.

  1. Қаржыларды қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыўдың әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда, 2023-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер нәтийжесинде жеткерилген зыянлар республикалық ҳәм аймақлық компенсация қорларының қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны белгиленсин:

көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрге нызамсыз ямаса ҳақыйқатқа туўра келмейтуғын мағлыўматлардың киргизилиўи нәтийжесинде оларға исенип ҳәрекет еткен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген зыян;

мәмлекетлик уйымлар, олардың лаўазымлы шахслары ҳәм хызметкерлериниң нызамға қайшы деп табылған қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде мүлк ийесине жеткерилген ҳәм судтың нызамлы күшке кирген қарары менен анықланған зыян;

тергеўге шекемги тексериўди әмелге асыратуғын уйымлар, сорастырыў, дәслепки тергеў, прокуратура уйымлары ҳәм судтың нызамға қарсы деп табылған ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) себепли жеткерилген зыян ҳәм руўхый зыян;

усы Пәрманның 1-бәнти «б» киши бәнтинде нәзерде тутылған жағдайларда турақ жай инсаплы ийелеўшиден талап етип алынбаўы нәтийжесинде мүлк ийесине жеткерилген зыян.

  1. Усы Пәрманның 4-бәнтине тийкарланып республикалық ҳәм аймақлық компенсация қорларының қаржылары есабынан әмелге асырылған төлемлер кейин ала айыпкер адамлардан толық муғдарда регресс тәртибинде өндирип алынады, буған усы бәнттиң үшинши ҳәм төртинши абзацларында нәзерде тутылған жағдайлар кирмейтуғыны;

нызамшылықта усы Пәрманның 4-бәнтинде нәзерде тутылған зыянларды қаплаўдың басқа да дәреклери белгиленген жағдайларда, компенсация төлемлери республикалық ҳәм аймақлық компенсация қорларының қаржылары есабынан әмелге асырылып, кейин ала бул дәреклер есабынан қаплап берилетуғыны;

судтың қарары менен зыянды қаплаў зыян жеткерилиўинде айыпкер болған лаўазымлы адамларға жүкленбеген ҳәм (ямаса) регресс тәртибинде өндирип алыў шәртисиз мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи көрсетилген жағдайларда, республикалық ҳәм аймақлық компенсация қорларының қаржылары есабынан әмелге асырылған төлемлер Мәмлекетлик бюджеттен қаплап берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура, Жоқары суд, Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил, Саўда-санаат палатасының мүлк ҳуқықының қолқатылмаслығын исенимли қорғаў, мүлк қатнасықларына тийкарсыз араласыўды шеклеў мақсетинде төмендеги ҳуқықый институтларды нызамшылықта ҳәм юридикалық әмелиятта қолланыў көлемин буннан булай да кеңейтиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

а) пуқаралық ҳуқықларын қорғаў усылларын, онда:

инсаплы ийелеўшиниң мүлк ҳуқықлары қорғалады, мүлк ийесиниң бузылған ҳуқықларын тиклеўдиң финанслық механизмлери қолланылады;

кредит тәмийнаты сыпатында гиреўге қойылған мүлк белгиленген тәртипте аукцион арқалы сатылғанда, кредитордың келисими бойынша, сатып алыўшыға мүлктиң баҳасын үш жылға шекем бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы бериледи;

б) ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болатуғын жеке меншик мүлк ҳуқықын бузыў жағдайлары дизимин, онда, лаўазымлы шахслар ҳәм хызметкерлердиң нызамда тиккелей көрсетилген жағдайлардан тысқары төмендеги ҳәрекетлери жеке меншик мүл ҳуқықын еркин әмелге асырыўға араласыў ҳәм қолқатылмаслығын бузыў деп есапланады және оларға жынайый жуўапкершиликке тартыўға шекемги илажлардың қолланылыўына тийкар болады:

мүлкке еркин ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм қарамағына өткериўди шеклеў, қадаған етиў, мүлк ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериўден тийкарсыз бас тартыў ямаса басқаша ҳәр қандай көринисте мүлк ийеси ямаса мүлк ҳуқықларына тәсир өткериў;

мүлк ийесиниң хожалық жумысына ямаса мүлктен пайдаланыў нәтийжесинде алынатуғын өним ҳәм өнимди реализациялаў және дәраматларды қарамағына өткериўге араласыў;

жеке меншик мүлк объекти ҳәм ол жайласқан аймаққа, соның ишинде, турақ жай болмаған көшпес мүлк объектине мүлк ийесиниң рухсатысыз кириў, бул ҳаққында үшинши шахсларға көрсетпе бериў;

мүлкти ҳәм оған болған ҳуқықты басқа шахсқа өткериў, пайдаланыўға бериў ямаса басқаша тәризде қарамағына өткериўге араласыў, бул ҳаққында ҳуқықый ҳүжжет қабыллаў;

мүлк ийесине оның ықтыярына қарсы тәризде мүлкке байланыслы социаллық, экономикалық ямаса басқа мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ўазыйпаларды жүклеў ямаса оптимал емес шәртлерди қойыў;

мүлктен мүлк ийесиниң келисимисиз ҳәм тийисли ҳақы төлемей пайдаланыў;

мүлкке ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыўға байланыслы мағлыўматларды сораў ямаса бундай мағлыўматларды мүлк ийесиниң рухсатысыз қолланыў;

мүлк ҳәм мүлк ҳуқықларынан суд қарарысыз айырыў ямаса мүлк ийесине олардан ўаз кешиўге қаратылған ҳәр қандай физикалық, руўхый ямаса басқа түрдеги мәжбүрлеў илажларын қолланыў, күш көрсетиў ямаса мүлкти қарамағына өткериўге байланыслы тийкарсыз талапларды қойыў;

в) қылмыстың жынайыйлығын бийкарлайтуғын жағдайларды, соның ишинде, оның зәрүр қорғаныў түрин, онда:

мүлк ийеси ямаса оның ўәкили өз мүлкин ҳәр қандай жаўызлықтан ҳуқықты бузыўға сәйкес емес түрде ҳәм ҳуқық бузылыўының  алдын алыў ушын зәрүр ҳәрекетлер шеңберинде, соның ишинде, зәрүр қорғаныў жағдайында өзи қорғаў ҳуқықына ийе болады;

көшпели мүлк өзбасымшалық пенен алып қойылғанда мүлк ийесин қуўдалаў арқалы оны қайтарып алыўы, көшпес мүлкке болса оған өзбасымшалық пенен ямаса ийелеп алған шахсты шығарып жибериў арқалы ийелигин тиклеўи мүмкин болады;

мүлкти өзбасымшалық пенен ийелеў ямаса оған кириў ямаса мүлктиң қолқатлымаслығын басқаша тәризде бузыў нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болады;

г) гүманланыўшы, айыпланыўшының мүлк ҳуқықларына «Хабеас корпус» институтын, онда, сорастырыўшы ҳәм тергеўшиниң мүлкти хатлаўға байланыслы қарарларын көрип шығыў ушын судқа киргизиў нәзерде тутылады;

д) мәмлекетлик уйымлар, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң судқа мүрәжат етиў ҳуқықларын мәмлекетлик бажы арқалы тәртипке салыў системасын, онда:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер судларда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген жағдайларды қысқартып, олардың физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлк  ҳуқықларын шеклеў, айырыў ямаса басқа ҳәр қандай көринисте тәсир етиўге қаратылған шағымлары ҳәм арзалары ушын улыўма тийкарларда мәмлекетлик бажы төлениўи, мәмлекетлик бажыны төлеў бойынша қаржылар бюджет шөлкемлериниң қәрежетлер сметаларына киргизилиўи, бул қаржылардан ақылға уғрас ҳәм тийкарланып пайдаланып атырғанын қадағалаў нәзерде тутылады;

пуқаралық судларда мүлкти өзгениң нызамсыз ийелигинен талап етип алыў ҳаққындағы шағымлар бойынша даўагерлер (мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер буған кирмейди) мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи, онда даўагердиң шағым талапларын қанаатландырыў толық ямаса бир жағынан бас тартқан жағдайда, оннан талаплардың қанаатландырылыўы бас тартылған муғдарына сәйкес емес түрде мәмлекетлик бажы өндириўи нәзерде тутылады;

экономикалық судларда мүлкке болған мүлк ҳуқықы ҳаққындағы шағымлар бойынша регрессив (шағым баҳасының артыўына қарап мәмлекетлик бажы ставкасы пропорционал түрде түсип барады) мәмлекетлик бажы ставкаларын қолланыў енгизиледи.

  1. Әдиллик министрлиги Бас прокуратура, Жоқары суд, Ишки ислер министрлиги, Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине төмендеги нызам жойбарларын киргизсин:

«Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийеси ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын, жойбарда усы нызам қабыл етилиўи мүнәсибети менен Пуқаралық, Салық, Жынаят, Жынаят-процессуаллық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслер ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутсын;

исбилерменлик субъектлериниң банктеги есап бетлеринен ақшалай қаржыларды тийкарсыз есаптан шығарғаны, артықша өндирилген ҳәм төленген ақшалай қаржыларды исбилерменлик субъектиниң биринши талабына бола қайтармағаны ушын жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги үш ай мүддетте мәмлекетлик мүлк объектлерин республика мүлки ҳәм муниципал мүлк объектлерине ажыратыў бойынша нормативлық-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының топламын Министрлер Кабинетине киргизсин, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

республика мүлки, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы муниципал мүлки, район (қала)лық муниципал мүлк объектлериниң үлги дизими;

республикалық мүлк объектлерин басқарыўда Министрлер Кабинети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик мүлктен пайдаланыўшылардың ўазыйпаларын анық шегаралаў;

республика мүлки, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық муниципал мүлк, район (қала)лық муниципал мүлк объектлерин басқарыў бойынша ўәкилликли структураларды, олардың ўазыйпаларын белгилеў;

2025-жылға шекем басқышпа-басқыш республикалық мүлк объектлерин республика бюджетинен, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) муниципал мүлк объектлерин тийислисинше Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети ҳәм тийисли жергиликли бюджет қаржылары есабынан сақлаў системасына өтиў.

  1. Министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлер 2022-жылдың ақырына шекем өзлери ҳәм система шөлкемлериниң басқарыўындағы мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың кадастр уйымларында нызамшылықта белгиленген тәртипте толық мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.

2023-жыл 1-январьдан баслап тийисли ҳуқықлар кадастр уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен рәсмийлестирилетуғын акт тийкарында оның тийисли аймақлық басқармасына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийғәрез өткериледи.

  1. Мүлк ҳуқықының қолқатылмаслығын исенимли қорғаў, мүлк қатнасықларына тийкарсыз араласыўға жол қоймаў, жеке меншик мүлктиң капиталласыў дәрежесин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Әдиллик министрлигине Халықаралық мүлк ҳуқықлары индекиснде (IPRI) Өзбекстан Республикасының орнын системалы таллап барыў ҳәм оны жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленсин.
  3. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм әдиллик министри Р.К.Давлетов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-январьға шекем, кейин ала ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 24-август