Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў, республикамыздың экспорт потенциалын арттырыў ҳәм инновацияларды енгизиўде өзиниң мүнәсип үлесин қосып атырған бизнес ўәкиллерин хошаметлеў, сондай-ақ, 2021-жыл 20-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен өткерилген ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
1. «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин.
2. «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, инновацияларды енгизиў, салықларды өз ўақтында төлеў, өнимлер ҳәм хызметлерди экспорт етиў, жетик қәнигелер таярлаў және бизнестеги табыслары ҳәм жәмийетлик белсендилиги менен ҳәммеге үлги болып атырған исбилерменлер сыйлықланатуғыны;
«Фаол тадбиркор» көкирек белгиси ҳәр жылы 20-август – Исбилерменлер күни алдында Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса оның атынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы, Өзбекстан Республикасының Бас министри, министрлик, уйым ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң республикалық уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, сондай-ақ, соған ўәкил етилген басқа да шахслар тәрепинен салатанатлы жағдайда тапсырылатуғыны;
«Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар ҳаққында ҳәр жылы «Жылдың ең алдыңғы исбилерменлери» китабы басып шығарылып барылатуғыны белгиленсин.
3. Төмендегилер:
«Фаол тадбиркор» көкирек белгиси ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;
«Фаол тадбиркор» көкирек белгисиниң сыпатламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
4. Министрлер Кабинети Саўда-санаат палатасы менен биргеликте:
«Фаол тадбиркор» көкирек белгилери ҳәм олардың гүўалықлары белгиленген тәртипте таярланыўын;
«Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар ҳаққында ҳәр жылы «Жылдың ең алдыңғы исбилерменлери» китабының басып шығарылыўын тәмийинлесин.
5. Қаржы министрлиги ҳәр жылы «Фаол тадбиркор» көкирек белгисин бериў, оны таярлаў және «Жылдың ең алдыңғы исбилерменлери» китабын басып шығарыўға байланыслы қәрежетлер ушын Саўда-санаат палатасының тийкарланған есап-санақларына муўапық Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен тийисли қаржыларды ажыратыў илажларын көрсин.
6. Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокмпаниясы менен биргеликте «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықлаўға бағышланған илажларды ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытыў жумысларын шөлкемлестирсин.
7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 19-август
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2022-жыл 19-августтағы ПҚ-356-санлы қарарына
1-қосымша
«Фаол тадбиркор» көкирек белгиси ҳаққында
РЕЖЕ
1-бап. Улыўма қағыйдалар
1. Бул Реже «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси (кейинги орынларда – көкирек белгиси) менен сыйлықлаў тәртибин белгилейди.
2. Көкирек белги менен мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, инновацияларды енгизиў, салықларды өз ўақтында төлеў, өним ҳәм хызметлерди экспорт етиў, жетик қәнигелер таярлаў ҳәм бизнестеги табыслары ҳәм жәмийетлик белсендилиги менен ҳәммеге үлги болып атырған исбилерменлер сыйлықланады.
Көкирек белги менен Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сыйлықланыўы мүмкин.
2-бап. Көкирек белги менен сыйлықлаў ушын ҳүжжетлерди усыныс етиў ҳәм көрип шығыў
3. Саўда-санаат палатасының аймақлық басқармалары жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен келискен ҳалда, көкирек белги менен сыйлықлаў ушын талабанлар бойынша усынысларды ҳәр жылы 10-июльге шекем Саўда-санаат палатасына (кейинги орынларда – Палата) усынады.
4. Көкирек белги менен сыйлықлаў бойынша усынысларға талабан ҳаққында төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
талабанның мағлыўматнамасы (объективка);
талабанның шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы (пуқаралық паспорты ямаса ID-карта);
талабанның соңғы үш жыл даўамында исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы жумысы сәўлелендирилген сыпатлама.
5. Көкирек белги менен сыйлықлаўға байланыслы усынысларды көрип шығыў ушын Палата баслығы тәрепинен 7 адамнан ибарат қурамда комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) шөлкемлестириледи.
6. Комиссия қурамы ҳәм Комиссия ағзалары ҳаққындағы реже Палата баслығы тәрепинен тастыйықланады.
7. Көкирек белгисине талабанларды көрип шығыў нәтийжелери ҳәр жылы 25-июльге шекем Комиссияның пртоколы менен рәсмийлестириледи.
8. Талабанлардың дизими, олар тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың қысқаша сыпатламасы Комиссия пртоколының тийисли қосымшасы менен тастыйықланады ҳәм сол тийкарда усыныс хаты таярланады.
9. Усыныс хаты Палата баслығының қолы менен ҳәр жылы 1-августқа шекем Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияға киргизиледи.
3-бап. Көкирек белги менен сыйлықлаў тәртиби
10. Көкирек белги менен сыйлықлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен әмелге асырылады.
11. Көкирек белги ҳәр жылы 20-август – Исбилерменлер күни алдында Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса оның атынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы, Өзбекстан Республикасының Бас министри, министрлик, уйым ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң республикалық уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, сондай-ақ, оған ўәкил етилген басқа да шахслар тәрепинен салатантлы жағдайда тапсырылады.
12. Бир шахс көкирек белги менен бир мәрте сыйлықланады.
13. Көкирек белги мәмлекетлик сыйлықлардан кейин көкиректиң шеп тәрепине тағылады.
4-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
14. Палата усы Режеге муўапық көкирек белгиге усыныс етилген талабанлар ҳүжжетлериниң әдил көрип шығылыўы ушын тиккелей жуўапкер болып есапланады.
15. Усы Реже талапларының базылыўында айыпкер шахслар нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
***
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2022-жыл 19-августтағы ПҚ-356-санлы қарарына
2-қосымша
«Фаол тадбиркор» көкирек белгисиниң
Сыпатламасы
«Фаол тадбиркор» көкирек белгисиниң диаметри 34 миллиметрли шеңбер түринде болып, 0,25 микрон қалыңлықтағы алтын менен қапланған мыс қуймасынан таярланады.
Көкирек белгиниң орта бөлеги диаметри 25 миллиметр болған шеңбер түриндеги бөртпе гардиш пенен оралған. Шеңбердиң орайында белги-тамғалар сүўретленген болып, бундай тамғалар әййемги уста-өнермент исбилерменлер тәрепинен таярланған ҳәм сатыўға шығарылған және Өзбекстан аймағында табылған өнимлер үлгилеринде сәўлеленген. Олар әзелден елимиз аймағында жасап келген исбилерменлердиң белгилери болып келген.
Орайдағы белги-тамғалар әтирапында оларды услап турған исбилермен қолларын билдириўши көринислер алтын реңде сәўлелендирилген.
Көкирек белгиниң үстки бөлиминде айланба болып «FAOL TADBIRKOR» жазыўы жазылған. Ҳәриплердиң бийиклиги – 2,2 миллиметр.
Көкирек белгиниң төменги бөлиминде айланба болып 5 қырлы 14 жулдыз сүўретленген.
Көкирек белгиниң арқа тәрепинде Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби сүўретленген.
Сүўретлер ҳәм жазыўлар бөртпе түринде.
Көкирек белги илмек ҳәм айланба жәрдеминде туўры төртмүйеш түриндеги қадағышқа жалғанған. Қадағыштың бойы – 19 миллиметр, ени – 25 миллиметр.
Қадағыш тең өлшемли көк ҳәм ашық көк реңдеги шайы лента менен қапланған болып, оның ени 21 миллиметрди қурайды.
Қадағыштың артқы тәрепине көкирек белгисин кийимге тағып қойыў ушын илгек көринисиндеги үскене орнатылған.