Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәҳәлле институтының имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стартегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономикалық ҳәм раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң ҳәр бир мәҳәлле ушын бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қоры тәризиндеги юридикалық тәреп есапланбайтуғын Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қорын (кейинги орынларда – қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. а) төмендегилер қордың қаржыларын қәлиплестириў дәрекелери есапланатуғыны белгиленсин:

мәҳәлледеги аймағы 2 000 квадрат метрге шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмиийнлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшисиниң онлайн-буйыртпаларына тийкарланып тиккелей электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы сатыўдан түсетуғын қаржылар, баҳалаў ҳәм сатыў қәрежетлери шегирилген ҳалда;

мәҳәллениң мүлкин белгиленген тәртипте ижараға бериўден алынатуғын қаржылар;

халық депутаталары районлық (қалалық) Кеңеслериниң қарарларына тийкарланып жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклериниң есабынан ажыратылатуғын қаржылар;

мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшисиниң усынысы тийкарында мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў ушын жергиликли бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

сырт елли (халықаралық) қаржы институтлары ҳәм басқа да сырт ел шөлкемлериниң техникалық жәрдем қаржылары (кредит, грант, бийғәрез жәрдем ҳәм басқалар);

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) төмендегилер қордың қаржыларынан қаржыландыратуғын тийкарғы бағдарлар болып есапланады:

мәҳәлле аймағындағы ишки жоллар, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тармақлары, ишимлик ҳәм ақаба суў системасын оңлаў ҳәм тиклеў;

мәҳәлле имараты, мәҳәлле аймағында жайласқан спорт майданы, нураныйлар чайханасы, жаслар орайы, балалар майданшасы, китапхана, мәденият орайын қурыў, ири ҳәм ағымдағы оңлаў және оларды инвентарь мебель, компьютер техникасы ҳәм басқа да үскенелер менен тәмиийнлеў;

мәҳәлле аймағында инфраструктураны раўажландырыў, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў;

социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәмиийнленген шаңарақларға материаллық жәрдем бериў және олардың турақ жайларын оңлаў ҳәм үскенелеў.

  1. Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қоры ҳаққындағы үлги режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги:

а) 2023-жыл 1-январьға шекем:

Кадастр агентлиги менен биргеликте ҳәр жылы мәҳәллениң анық шегаралары белгилениўин;

Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте мәҳәллелердиң бирден-бир классификаторы ислеп шығылып, Мәмлекетлик статистика комитетиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланыўын тәмиийнлесин;

б) Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәҳәллелер шөлкемлестириў нормаларын олардың аймағындағы шаңарақлардың санынан келип шыққан ҳалда белгилеў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

в) Қаржы министрлиги менен биргеликте турақлы түрде қорлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша биргеликте жумысларды алып барсын ҳәм 2023-жыл 1-январьға шекем әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин;

г) мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-марттағы «Экономикада мәмлекеттиң қатнасын буннан былай да қысқартыў ҳәм меншиклестириўди жеделлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-168-санлы қарарының 3-бәнтине қосымшаға муўапық қосымшалар киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри ў.а. Т.А.Худайбергенов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметовбелгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 16-август