Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
30-июнь – Өзбекстан Республикасы жаслары күни мүнәсибети менен болып өткен ушырасыўда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) және оларды профессионал шахматқа тартыў, абырайлы халықаралық шахмат жарысларында сыйлы орынларды ийелеў, жәҳән стандартларына сәйкес келетуғын шахмат инфраструктурасын кеңейтиў, сондай-ақ, Шахматты 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- Наўайы ўәлаяты, Қызылтепа районы, «Төдакөл» дем алыў базасы аймағында юридикалық тәреп статусына ийе болған мектептен тысқары мәмлекетлик спорт-тәлим мәкемеси болып есапланған Халықаралық шахмат мектеби шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Халықаралық шахмат мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
зәрүр шахмат әсбап-үскенелери менен тәмийинленген, заманагөй халықаралық талаплар ҳәм стандартларға жуўап беретуғын материаллық-техникалық және оқыў-шынығыў базаларын жаратыў ҳәм ҳәр қыйлы дәрежедеги халықаралық ҳәм регионаллық жарыслар – Шахмат олимпиадасы ҳәм Азия ойынлары, Жәҳән ҳәм Азия чемпионатлары, универсиадалар және басқа жарысларда Өзбекстанның даңқын мүнәсип қорғай алатуғын халықаралық дәрежедеги шахматшыларды таярлаў;
халықаралық дәрежедеги шахматшыларды таярлаў ушын шахмат бойынша жоқары тәжирийбели қәниге-тренерлер, психологлар ҳәм методистлерди, соның ишинде, жәҳәнниң белгили халықаралық гроссмейстерлерин кеңнен тартыў арқалы тренерлер қурамын беккемлеў;
шахматшылардың оқыў-шынығыў процесин халықаралық стандартлар дәрежесинде шөлкемлестириў, алдыңғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, оқыў-шынығыў процесслерине ең жаңа илимий-тактикалық жақтан таярлаў сапасын турақлы арттырып барыў;
шахмат бойынша сайланды командалар ҳәм олардың резервлери қатнасыўында оқыў-шынығыў жыйынлары, республикалық ҳәм регионаллық жарысларды шөлкемлестириў және турақлы түрде өткерип барыў, тренерлер менен шахматшылардың кәсиплик шеберлиги дәрежесин арттырыў ушын тәжирийбе алмасыў бойынша сырт ел шахмат мектеплери, клублары ҳәм орайлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў;
Өзбекстанда шахматты раўажландырыўды халықаралық талаплар ҳәм стандартларға бейимлестириў, ул балалар ҳәм қызларды шахматқа тартыў ҳәм олардың усы спорт түрине қызығыўшылығын күшейтиў, шахматшылардың профессионал шеберлигин турақлы түрде арттырып барыў.
- Төмендегилер Халықаралық шахмат мектеби жумысын муўапықластырыў дәреклери етип белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери;
жумыс қәнигелиги бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаў ҳәм мектептиң уставындағы ўазыйпаларға муўапық болған басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекстан шахмат федерациясы ҳәм Спортты раўажландырыў министрлигиниң ҳәр жылы өткерилип киятырған Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын халықаралық шахмат турнириниң финал басқышын 2023-жылдан баслап Халықаралық шахмат мектебинде өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 14-январьдағы «Шахматты және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў және шахматшыларды таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4954-санлы қарарында белгиленген турнирлер ҳәм жарыслар менен бир қатарда қосымша түрде төмендеги жарыслар 2023-жылдан баслап ҳәр жылы системалы түрде өткерилетуғыны:
Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте жаслар арасында барлық аймақларда «Рокировка» турнири;
Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте кексе әўлад ўәкиллери арасында «Нураныйлар» кубоги ушын;
Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте майыплығы болған шахматшылар арасында «Шексиз имканият» турнири;
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети менен биргеликте Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорының қаржылары есабынан 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған 50 000 АҚШ доллары муғдарында сыйлық фондына ийе «Women’s Chess Championship» халықаралық турнири;
Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер шахматшылары арасында дәстүрий «Uzbekistan Chess Open» халықаралық турнири.
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев), Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков), Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети (З.Маҳкамова), Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Турдиев), Сыртқы ислер министрлиги (В.Норов) менен биргеликте усы бәнтте көрсетилген:
жарысларға таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;
тийисли жарыслар 2023-жыл 1-январьдан баслап спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесине киргизилиўин тәмийинлесин;
жарысларды өткериў процесин жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен жарытсын.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Ибрагимов) усы бәнтте көрсетилген жарысларды туристлик маршрутлар объектлериниң дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартыў илажларын көрсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов), Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги (Х.Умарова), Өзбекстан шахмат федерациясы, Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) 2022-2023-оқыў жылынан баслап улыўма орта, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм аймақлардағы Жаслар орайларында шахмат дөгереклериниң жумысын жолға қойсын.
- Өзбекстан шахмат федерациясы, Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев), Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги (Н.Турсунов), «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ (Қ.Санақулов):
ҳәр жылы Халықаралық шахмат мектебинде дүньяның белгили халықаралық гроссмейстерлери қатнасыўында жас шахматшылар ушын тренинг ҳәм шеберлик сабақларын өз ишине алған мәўсимлик дем алыў орынларын шөлкемлестириў;
«Төдакөл» брендин ислер шығыў ҳәм үгит-нәсиятлаў арқалы Халықаралық шахмат мектебиниң жумысын ғалаба ен жайдырыў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан шахмат федерациясы және Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте жергиликли бюджет қаржылары есабынан креатив көргизбели усылларынан пайдаланған ҳалда жәмийетлик орынлар ҳәм дем алыў бағларында шахмат майданшаларын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы шахматшылары ҳәм олардың тренерлерине берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлардың муғдарлары қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы қосымшада нәзерде тутылған хошаметлеў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджеттен спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесине усы мақсетлер ушын бағдарланатуғын қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Халықаралық шахмат мектебиниң жумысын тәмийинлеў менен байланыслы зәрүр қаржыларды 2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан шахмат федерациясы (А.Саъдуллаев):
Халықаралық шахмат мектебин заманагөй педагогикалық технологияларды ийелеген маман педагог кадрлар, тренерлер ҳәм басқа да қәнигелер менен басқышпа-басқыш толтырыў илажларын көрсин;
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте Халықаралық шахмат мектебиниң басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлериниң штат кестесин ислеп шықсын ҳәм тастыйыйқласын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте «Ёшлар» телеканалы және тийисли аймақлық телеканалларда шахмат жарысларын кеңнен сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын турақлы шөлкемлестирип барсын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жаслар ислери агентлигиниң директоры, Өзбекстан шахмат федерациясының баслығы А.З.Саъдуллаев ҳәм спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 5-август