Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары оқыў орынларының бакалавр тәлим бағдары студентлери арасында өткерилген «Жаңа Өзбекстанды өзимиз, өз қолларымыз бенен қурамыз!» сүрени астында өткерилген эсселер таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликтеги қоспа қарар тийкарында өткерилген таңлаўда факультетлер, жоқары оқыў орынлары арасында жеңимпаз болған 30 студент қатнасты.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, жасларды Ўатанды сүйиўшилик, пуқаралық сезими, кеңпейиллик, нызамлар, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, зыянлы ағымларға қарсы тура алатуғын, өмирге деген беккем исеним ҳәм көз-қарас, уллы мақсетлерге ийе шахсларды тәрбиялаў, Үшинши Ренессанс тырнағын қалаўда жаслардың белсене қатнасын ҳәм жуўапкершилик пазыйлетлерин қәлиплестириўден ибарат.
Таңлаў жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баслаўыш тәлим факультетиниң 2-курс студенти Гүлчехра Қалбаева биринши, Мухаммед ал-Хоразмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы компьютер инжиниринг факультетиниң 2-курс студенти Азиза Шеримматова екинши, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети өзбек филологиясы факультетиниң 1-курс студенти Гулёр Гаппарова үшинши орынларды ийелеп, Өзбекстан басқышына жоллама алды.
Таңлаў жеңимпазлары, олардың устазлары ҳәм барлық қатнасыўшыларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы