Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 5-апрель күни халық билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин таллаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисиинде, мәмлекетимиздеги айырым мектеплерде билимлендириўдиң сапасы, муғаллимлердиң потенциалы ҳәм оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў дәрежеси бираз төмен екени атап өтилип, бир қатар тапсырмалар берилген еди.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары Хожели районында жайласқан 2-35-41- санлы мектеплерге барып, ол жердеги оқыўшылардың қызығыўшылықлары менен танысты.
Олар ушын мастер-класлар шөлкемлестирилип, ҳәр қыйлы интерактив ойынлар өткерилди. Сондай-ақ, мектеп питкериўшилерине жоқары оқыў орынларына кириўде таярланатуғын пәнлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
– Усындай ушырасыўлардың тез-тезден шөлкемлестирилиўи мектеп оқыўшыларының жоқары оқыў орынларына кириўинде үлкен әҳмийетке ийе,-дейди филиал оқытыўшысы А.Тумаева.
Ушырасыўлар даўамында оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги