Ҳаял-қызларды шаңарақлық исбилерменликке, киши бизнес, жеке исбилерменлик ҳәм фермерликке тартыў, олардың бәнтлигине жәрдем бериў арқалы жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Исбилермен ҳаял» таңлаўының әҳмийети үлкен.

ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен «Исбилермен ҳаял – 2022» таңлаўының районлық басқышы өткерилди.

Таңлаўда районда жумыс ислеп атырған 20ға шамалас исбилермен, фермер ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өзериниң өнимлери менен қатнасты.

Төрешилер қурамы таңлаў даўамында олардың жумыслары менен жақыннан танысып, усы күнге шекем ерискен жетискенликлери, имканиятлары ҳәм кемшиликлерин үйренди.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланып, жеке тәртиптеги исбилермен Роза Дәўлетова биринши, «Гүлбағ Лалазар» ЖШЖ баслығы Индира Жумабаева екинши,  жеке тәртиптеги исбилермен Айымхан Палўанова үшинши орынды ийеледи.

Роза Дәўлетова таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

– Дерлик алты жылдан берли тигиўшилик пенен шуғылланаман,-дейди Р.Дәўлетова. – Жумысларымды ең дәслеп «Халық банк»тиң районлық филиалынан 10 миллион сум муғдарында кредит алып баслағанман.

Тийкарынан кәрханада онлаған қолы гүл шебер қызларымыз тәрепинен қарақалпақ халқының миллий нағыслары түсирилген қурақ көрпешелер, қызларымыз ушын миллий тақыялар ҳәм көйлеклер тигиледи.

Усындай таңлаўлар биз сыяқлы ҳаял-қызлардың бир-бири менен тәжирийбе алмасыўында, жумысларын және де кеңейтиўинде үлкен әҳмийетке ийе.

Орынларда таңлаўдың районлық басқышлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги