Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажда Төрткүл районында жасайтуғын, 1988-жылы туўылған пуқара Самарқанд қаласынан Нөкис қаласына 2 килограмм 10 грамм болған «героин» нәшебентлик затын алып келип, қарыйдарға 90 мың АҚШ долларына сатып атырған ўақытта усланды.

Мәлим болыўынша, усы нәшебентлик заты тәжикстанлы наркокуръер тәрепинен елимиз аймағына өткерилген.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.