Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Әдилбай Оразов 1979-жылы Шымбай районының «Қызылөзек» елатында туўылған. 2004-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бөлимин табыслы тамамлағаннан соң, Қарақалпақстан радиосында редактор, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы, бөлим редакторы, «Қарақалпақстан жаслары» газетасында редактор, Бозатаў районы ҳәкимлигинде мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымларында жумыс ислеген.
Ол усы күнге шекем ғалаба хабар қуралларында таярлаған материаллары арқалы республикамыз жәмийетшилигине өткир қәлем ийеси сыпатында кеңнен танылып келмекте. Оның радио, газета ҳәм интернет тармақларында таярлаған ҳәр қыйлы темалардағы материаллары жийи-жийи жәрияланып, өз оқыўшыларына ийе болмақта.
Жақында «Авангард» баспасынан «Ўатан ушын от кешкен қаҳарманлар» атлы туңғыш китабы баспадан шықты. Бул китаптағы ўақыялар Екинши жер жүзилик урыста көп миллетли Қарақалпақстан халқының фашизм үстинен жеңиске қосқан үлеси, Ўатан ушын, тынышлық ушын жанынан кешкен Советлер Аўқамының қаҳарманы атағы ҳәм «Даңқ» ордениниң толық кавалерине ийе болған қарақалпақстанлы 26 азаматтың өмири ҳәм ислеген ерликлери ҳаққында сөз етиледи.
Китапты оқыў арқалы ҳәр бир инсанда ғәрезсизлик дәўирине сүйиспеншилик, туўылған жерге деген муҳаббат сезимлери оянады, деп исенемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги