Халық билимлендириў министрлиги «Соңғы қоңыраў» илажларын өткериў бойынша усыныслар ислеп шықты.

Усы жылдың 25-май күни барлық улыўма орта билим бериў мәкемелеринде 2021-2022-оқыў жылы жуўмақланып, «Соңғы қоңыраў» илажлары болып өтеди.

Бул илажларды шөлкемлестириў бойынша Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усыныслар ислеп шығылып, барлық мектеплерге жиберилди.

Белгиленген тәртипке бола, илажлар мектеп ҳәўлисиниң бағында ямаса сая салқын ашық майданларда өткериледи. Мектептиң аймағына басқа адамлардың кириўи қадаған етиледи.

Мектеплерде бул илаж саат 8:00 ден  8:45 ке шекем усынылған сценарий бойынша шөлкемлестириледи. Онда жыл даўамында айрықша баҳаларға оқып, ең жоқары рейтинг көрсеткишлерине ерискен қәбилетли питкериўшилер сыйлықланып, хошаметленеди.

Халық билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда, «Соңғы қоңыраў» илажлары, басқышлы қадағалаў имтиханлары ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияларын өткериўге, билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў ушын оқыўшы ҳәм ата-аналардан ҳәр қыйлы бәнелер менен ақша жыйнаспақлар қатаң қадаған етиледи.

Буннан тысқары, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң басшылары ҳәм оқытыўшылардан питкериўшилер тәрепинен  баҳалы саўғалар бериў, қосымша ҳәр түрли илажларды (үйлерде, ресторанларда банкет ямаса басқа да мәресимлер) өткериў ҳәм жеңил автомобильлерде сейил етиўдиң алдын алыўға айрықша итибар қаратыў өтиниш етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги