Беруний районындағы “Тынышлық” аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.
Оған аймақ халқы, райондағы сектор ҳәм мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы прокурорыныӊ орынбасары Е. Қаипбергенов тәрепинен 8 мүрәжат тыӊланып, 3 мүрәжат бойынша машқала сол жердиӊ өзинде-ақ шешилди. Ал, 3 мүрәжат ийесине болса, ҳуқықый түсиниклер берилип, қалған 2 мүрәжатты унамлы шешиў бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилди.
Соныӊ ишинде, қабыллаўда «Жаслар дәптери»нде дизиминде турған тигиўшиликке қызығыўшы Дилрабо Алламбергеноваға заманагөй тигиў машинасы саўға етилди.
-Қолымда өнерим болғаны себепли, тигиўшиликке қызығаман,-дейди Дилрабо Алламбергенова.-Бирақ, жетерли қаржым болмағанлықтан тигиў машинасын сатып алалмай жүр едим. Сонлықтан бул мәселе бойынша бүгин көшпели қабыллаўға қатнасып мүрәжат еттим ҳәм мениӊ бул өтинишим инабатқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен заманагөй тигиў машинасы саўға етилди. Бул ушын мен оларға оғада миннетдарман ҳәм келешекте тигиўшилик пенен шуғылланып, шаӊарағыма дәрамат табаман.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы