Бүгин, 17-май күни Корея Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ким Хи Санг Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.
Институтта Корея Республикасының Өзбекстандағы Елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Корея мүйеши»нде институт ректоры Б.Отемуратов, институттың корейс тили пәни оқытыўшысы, Қарақалпақстандағы Корейс миллий мәдений орайының баслығы М.Когай менен болып өткен сәўбетлесиў барысында Қарақалпақстанда корейс тилин үйрениў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Көп миллетли Қарақалпақстанда бүгинги күнде жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайлар қатарында Корейс миллий мәдений орайының жумыслары айрықша болып есапланады. Институтта усы орай менен тығыз бирге ислесиў жумыслары жолға қойылған болып, шет тиллери бағдарында оқып атырған студентлерине екинши шет тили сыпатында корейс тилин оқытыў жолға қойылған.
Елши мырза институттағы «Корея мүйеши» Қарақалпақстанда корейс тилин үйретиў бойынша тийкарғы орай ўазыйпасын атқарып атырғанлығы ҳаққында унамлы пикирлерин билдирип, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги – «KOICA» жойбарлары шеңберинде корейс тилин үйретиў бойынша пандемия себепли бираз ўақыт тоқтап қалған волонтёрлық жумысларын қайта жолға қойыў бойынша усыныслар берилетуғынлығын мәлим етти.
Соның менен бирге, сәўбетлесиў даўамында Қарақалпақстан Республикасында корейс тили бойынша халықаралық сертификат берилетуғын орай ашыў бойынша усыныслар билдирилип, бул бағдарда алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Илажда институттың талантлы студентлери тәрепинен қарақалпақ жыраўшылық ҳәм бақсышылық өнери үлгилери, Корейс миллий мәдений орайы ағзаларының корейс халық саз әсбапларында миллий саз және қосықларды атқарыўы ушырасыўға өзгеше пайыз бағышлады.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.