Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметиниң жумысын жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Бул тараўлар инсанның денсаўлығын ҳәм өмирин сақлап қалыўда «алтын саат» аралығында биринши жәрдем көрсетиўши әҳмийетли буўын болып есапланады. Кейинги бес жылда бул бағдарлардың материаллық тәмийнаты ҳәм кадрлар потенциалын жақсылаў бойынша көп жумыслар исленди.
Соның ишинде, 2 мың 224 жаңа тез жәрдем машиналары сатып алынды, заманагөй реанимация машиналарының саны 24 тен 435 ке жеткерилди. Тез жәрдем станциялары ҳәм бригадаларының саны да көбейтилди. Сондай-ақ, бир шақырыў ушын дәри-дәрмаққа ажыратылып атырған қаржылардың муғдары 16 есеге, дәри-дәрмақлардың түрлери 20 дан 45 ке шекем арттырылды.
Қыстаўлы жәрдем тараўында да төменги буўынға үлкен итибар қаратылды. Аймақларда 21 районлараралық қоспа жарақатланыў ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилди. Нәтийжеде район ҳәм қала халқының ўәлаят орайларына мүрәжатларын азайтты.
Мәселен, бурын «Қамчик» өткелинде автоаварияда аўыр дене жарақатын алған наўқаслар 100 километр аралықты басып, Ташкент ҳәм Наманган қаласындағы қыстаўлы орайларға алып барылған. Енди Ангрен қаласы ҳәм Поп районында ашылған орайлар адамлардың жанын сақлап қалмақта.
Соның менен бирге, тараўда шешилиўи керек болған мәселелер де бар. Олар ҳаққында 18-март күни мәмлекетимиз басшысының медицина хызметкерлери менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде айтылған еди.
Мысал ушын, өткен жылы тез медициналық жәрдем бригадасының кешигип келиўи бойынша 50 мыңнан аслам шағым келип түскен.
Буның себеплеринен бири тараўда бирден-бир басқарыў жолға қойылмағаны болып есапланады. Соның ишинде, тез медициналық жәрдем хызметкерин жумысқа тайынлаў, дәри-дәрмақ тәмийнаты, транспорт, жанылғы ҳәм айдаўшылар мәселеси ўәлаяттағы түрли басқармалардың ўәкиллигинде. Басқарыўдағы бундай алжасыўлардың есабынан тез медициналық жәрдем хызметин көрсетиў район аймағы менен шекленген. Тез жәрдем станциясы қоңсы район менен шегаралас болса да, басқа аймақ деген бәне менен шақырыўды қабылламайды.
Тез медициналық жәрдем машиналарының көпшилигинде навигация үскенелериниң жоқ екени, 10 мың көшеге елеге шекем атама ҳәм 500 мыңға шамалас турақ жайларға номер қойылмағаны себепли мәнзилди табыўға көп ўақыт кетпекте.
Системадағы ең үлкен машқала – қыстаўлы жәрдем наўқас ушын ең жақын медицина мәкемесинде емес, ал тек ғана алдыннан бириктирилген санаўлы емлеўханаларда көрсетиледи.
Сол себепли тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем системасын жетилистириў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығылғаны мәлим етилди.
Мәжилисте бул бағдарламадағы тийкарғы жаңалықлар, оны әмелге асырыў бағдарындағы ўазыйпалар көрсетип өтилди.
Атап айтқанда, усы жылы 1-июльден бирден-бир вертикаль басқарыў тийкарында «103» Республикалық тез медициналық жәрдем орайы ҳәм оның ўәлаятлық филиаллары шөлкемлестириледи. Буның нәтийжесинде енди тез медициналық жәрдем көрсетиў бир район аймағында емес, ал Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында, аралыққа қарап пүткил ўәлаят бойынша жолға қойылады.
Районларда шақырыўларды қабыллаў диспетчерлик хызмети сапластырылып, ўәлаятларда бирден-бир колл-орай дүзиледи. Колл-орайда операторлар менен бирге өз алдына медицина-мәсләҳәт бригадасы жумыс алып барады. Сондай-ақ, ўәлаят колл орайларына тез медициналық жәрдем хызмети бар жеке меншик клиникалар да жалғаныўы мүмкин болады.
Бул тәжирийбе дәслеп Сырдәрья ўәлаятында Медициналық қамсызландырыў қоры арқалы шөлкемлестириледи ҳәм басқышпа-басқыш барлық аймақларға кеңнен енгизиледи.
2022-2025-жылларда тез медициналық жәрдем системасындағы барлық ескирген машиналар заманагөй автомобильлерге алмастырылыўы, нәтийжеде шақырыўшыларға жетип барыў ўақты 3 есеге қысқаратуғыны атап өтилди.
Бүгинги күнде 2 мың 695 тез медициналық жәрдем бригадасы болып, 500 ден асламында врач жетиспейди, сондай-ақ, 6 мыңнан аслам шыпакер еки жумысты қатар ислеў тийкарында жумыс алып барады.
Халықаралық тәжирийбе бойынша, барлық шақырыўларда да врачлар болыўы шәрт емес. Соның ушын енди шақырыўлардың қурамалылығы, әҳмийетлилиги ҳәм түрине қарап таңлап алыў системасы енгизиледи.
Және бир мәселе: бизде тез медициналық жәрдем бригадалары врач, фельдшер ҳәм айдаўшыдан қуралған. Сырт ел тәжирийбесинде тез жәрдем фельдшери бир ўақыттың өзинде айдаўшы есапланады.
Сол себепли жаңа оқыў жылынан фельдшерликке оқып атырған жаслар айдаўшылыққа да үйретилетуғыны белгиленди. Буның ушын медицина колледжлерине айдаўшылық мектеплери бириктириледи.
Көрсетилген хызметти наўқаслар тәрепинен баҳалаў арқалы тез медициналық жәрдем хызметкерлерин хошаметлеў системасы жолға қойылады. Онда, ҳәр шеректиң жуўмағында жумысы наўқаслар тәрепинен жақсы баҳаланған бригадалар хызметкерлери айлық мийнет хақысының 50 проценти муғдарында сыйлықланады.
Елимизде ҳәр мың адамға салыстырғанда шақырыўшылардың саны 352 ни қурайды. Бул раўажланған мәмлекетлердегиге қарағанда 6-7 есеге көп. Себеби, аўыл ҳәм мәҳәллелерде әпиўайы медицина хызмети жолға қойылмағаны ушын халық тез жәрдемге мүрәжат етпекте.
Соның ушын мәҳәллелерде медициналық пунктлер шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.
Тез медициналық жәрдем системасы хызметкерлерин таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселесине де итибар қаратылды. Буның ушын, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем оқыў-шынығыў орайы Республикалық тез медициналық жәрдем орайы системасына өткерилип, Хызметкерлердиң маманлығын арттырыў мектеби сыпатында қайта шөлкемлестириледи. Түркия, Корея, Франция сыяқлы тез жәрдем системасы үлги болған мәмлекетлерден қәнигелер тартылады.
Районлар дәрежесинде қыстаўлы медициналық хызметтиң қамтып алыўын кеңейтиў зәрүр екени атап өтилди.
Буның ушын, бәринен бурын барлық район ҳәм қала емлеўханаларындағы терапия, педиатрия ҳәм хирургия бағдарында бир-бирин қайталайтуғын режели ҳәм қыстаўлы бөлимлер бирлестириледи. Оларда күни-түни жумыс ислейтуғын қыстаўлы жәрдем қабыллаўханалары шөлкемлестириледи.
– Бул ўазыйпаларды орны-орнына қойсақ, медицина тараўын халыққа және де жақын еткен, инсан қәдирин улығлаў ушын және бир қәдем таслаған боламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлерине тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлерин раўажландырыў бойынша өзлериниң аймақлық бағдарламаларын қабыл етип, орынланыўын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА