Хәр бир мәмлекеттиң жетискенлик дәрежеси, дүньяда тутқан орны тек ғана сиясий хәм экономикалық көрсеткишлери менен емес, ал сол елдеги кем тәмийинленген халық қатламына, соның ишинде, физикалық раўажланыўында нуқсаны болған имканияты шекленген инсанларға болған көзқарасы, олардың материаллық хәм руухый жақтан қоллап-қуўатланғанлығы менен өлшенеди.

Бизиӊ елимизде де усындай инсанлардыӊ заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы, өзлери қәлеген көркем өнер ҳәм спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын бир қатар имканиятлар жаратылып берилмекте. Бул пикиримизге мысал ретинде буннан 20 жыл бурын ашылған Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў   министрлигине   қараслы   10-санлы  көзи  әззи  ҳәм  шала көриўши  балалар  ушын   қәнигелестирилген   мәмлекетлик мектеп-интернатын айтып өтсек болады.  Бүгинги күни усындай физикалық раўажланыўында имканияты шекленген  268 оқыўшы тәлим-тәрбия алып атырған бул дәргайда, оларға өз кәсибиниң пидайысы     болған тифлопедагог қәнигелигине ийе  162 педагог-тәрбияшылар     тәлим-тәрбия берип келмекте.

Оқыўшылардың заман талабына сай билим алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилген бул мектепте, оқыўшылардың  спорт пенен шуғылланыўына да айрықша итибар қаратылып, бул жерде спорттың жеңил атлетика, шахмат ҳәм шашка  түрлеринен секциялар турақлы ислеп тур. Көркем өнерге  қызығыўшы оқыўшылар ушын музыка, аяқ ойын, тигиў-пишиў, дөретиўшиликке ықлас қойған жаслардан дүзилген «Жас қәлемкешлер», китап оқыўға  қызығыўшы  оқыўшылар ушын «Китапқумарлар» ҳәм ҳәр түрли пән дөгереклери шөлкемлестирилген болып, қатнасыўшы оқыўшылардың саны күннен-күнге көбеймекте.

Сондай-ақ, мектеп-интернатта муғаллимлердиң тәжирийбесин арттырыў ҳәм олардың заманагөй педтехнологиялардан пайдаланған ҳалда сабақ өтиўине көбирек дыққат қаратылмақта.

Мектеп-интернатта талантлы жаслардан  “Үмит ушқынлары” атлы ансамбли дүзилген болып, жақында бул ансамбль ағзалары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыка театрында өзиниӊ дәслепки концерт бағдарламасын өзлерин аталыққа алған Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери нәзерине усынды.

Концерт бағдарламасына Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министри Р. Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниӊ орынбасары И.Бахтияров хәм ИИМ мәсләҳәтшиси О.Турдақовлар қатнасып, талантлы жасларымыздың дөретиўшилиги бойынша өз пикирлерин билдирди.

Концерт бағдарламасы кеўиллерге қонымлы композициялары менен тамашагөйлерде үлкен тәсир қалдырды.

 Гүлнара  МАМУТОВА,

Республикалық 10-санлы көзи әззи ҳәм шала

көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик

мектеп-интернаты үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги