29-апрель күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери және ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Дәслеп сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2021-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлады.

Есабатта прокуратура уйымлары тәрепинен мәмлекетте нызам үстинлигин тәмиийнлеў, нызамлылық ҳәм ҳуқық-тәртипти беккемлеў бойынша 2021-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилиўинше, социаллық тараўда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы, әсиресе, халықты социаллық қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды кәмбағаллықтан шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған.

Атап айтқанда, 4 187 пуқараға өз ўақтында төлеп берилмеген 7 миллиард сумлық мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалар өндирип берилген, соның менен бирге, 29 миллиард сумлық бундай төлемлер талан-тараж етилгенлиги анықланып, тйиисли илажлар көрилген.

Мәмлекетти раўажландырыўдың жаңа басқышында оғада әҳмийетли болған Инвестиция бағдарламалрының орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў, мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында нызамлылықты беккемлеўге тийкарғы мәселе сыпатында әҳмийет қаратылып, көрилген илажлар нәтийжесинде «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» ҳәм басқа да бағдарламаларға киргизилген жойбарлар ушын режелестирилген қаржылардан 1,5 триллион сумы үнемлениўине ерисилген.

Өз гезегинде, сенаторлар прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге айырым бағдарларда қадағалаўды және де күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Соның ишинде, 6 462 жынаятты есаптан жасырыў жағдайлары анықланып, барлығы есапқа қойылған және жынаятларды қастан жасырған жуўапкер хызметкерлерге 44 жынаят иси қозғатылған.

Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери бойынша келип түскен 3 028 арза ҳәм хабарлардың барлығы бойынша тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери өткерилген. Тексериў нәтийжелерине бола, жәми 161 жынаят иси қозғатылып, айыплы шахсларға илажлар көрилиўи тәмийинленген.

Соның менен бирге, республикамызда жүз берип атырған нызам бузылыў жағдайларын терең таллаў тийкарында тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерге бул жынаятлардың ислениўине себеп болып атырған факторлар бойынша пикир-усыныслар бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сенаторлар «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилип, қурылыс-оңлаў жумыслары 2021-жылы жуўмақланыўы керек болған 1 728 объекттиң 453 и 2022-жылға көширилгенлиги бойынша түсиник сорады.

Сенат ағзалары мәжилисте додаланған бағдарларда қадағалаўды және де күшейтиў, анықланған ҳәр бир нызам бузылыўы жағдайына қатаң ҳәм тәсиршең илажлар көриў бойынша өз усынысларын билдирди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соң парламент ағзалары Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2021-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлады.

Есап бериў жылында Орайлық банк тәрепинен тийкарғы итибар пул-кредит сиясатының инструментлерин инфляцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў ушын бағдарлаў және банк системасындағы қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм оларды жумсартыў илажларын көрип барыў, сондай-ақ, мәмлекетте макроэкономикалық ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.

Атап айтқанда, инфляция дәрежесиниң жылдың ақырына шекем 10 процентлик прогноз көрсеткишине ерисиў мақсетинде Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы есабат жылы даўамында жыллық 14 процент дәрежесинде өзгериссиз сақлап қалынған.

Банклер ҳәм төлем системаларының турақлы және исенимли жумыс ислеўин тәмийинлеў мақсетинде коммерциялық банклерге зәрүр қаржы ресурслары берилген. Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетлерине 166,7 триллион сум ямаса 2020-жылға қарағанда 1,3 есеге көп кредитлер қаратылған.

Киши исбилерменлик субъектлерин, соның ишинде, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлик басламаларын қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетлери ушын 436 мыңнан аслам жойбарға жәми 59,6 триллион сум кредит қаржылары ажыратылған.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен баҳалардың турақлылығын тәмийинлеўде пул-кредит сиясаты инструментлеринен белсене пайдаланыў ҳәм жетилистириў және банк системасының турақлылығын ҳәм төлемлердиң үзликсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

Мәжилисте инфляцияға номонетар факторлар тәсирин азайтыў ҳәм тийкарғы азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир фактордың пайда болыў себеплерин терең таллаў ҳәм ҳүкиметке усыныслар киргизип барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен коммерциялық банклердиң жумысын тәртипке салыўда халықаралық тән алынған стандартларды енгизиў, банклерде кредит тәўекелшилиги есап-санағын буннан былай да оптималластырыў арқалы банк системасының қаржы турақлылығын арттырыў бойынша усыныслар берилди.

Бәл мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаттың жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Есап палатасының 2021-жылдағы жумысы ҳаққында есабаты да тыңланды.

Есабат бериў жылында Есап палатасының тийкарғы итибары Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўына, мәмлекетлик және аймақлық бағдарламалардың қаржыландырылыўы ҳәм нәтийжелилигине, қарыз қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигине, жасырын экономиканы қысқартыўға, сондай-ақ, салық ҳәм бажыхана системасында ерисилген нәтийжелер, жүзеге келген машқалалар, системалы қағыйда бузарлықлар ҳәм кемшиликлерге қаратылған.

Есап палатасы тәрепинен 2021-жылы 60 қадағалаў илажы өткерилип, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери есабынан ажыратылған қаржылардың жумсалыўы бойынша 338 миллиард сумлық нызамсыз қәрежетлер, кемшилик ҳәм өзлестириўлер және нәтийжесиз қәрежетлер, 2,1 триллион сумнан аслам қәрежетлер оптималластырылып, әҳмийетли ўазыйпаларды қаржыландырыў ушын қайта бөлистирилген.

Есап палатасы тәрепинен бюджет дәраматларының толықлығын тәмийинлеў, аймақларда жергиликли бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўды қадағалаў бойынша турақлы жумыс алып барылып, анықланған системалы кемшиликлер сапластырылған.

Есап палатасы өз жумысында ашық-айдынлық принциплерине әмел етип, финанслық ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў мақсетинде рәсмий веб-сайт, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда 60 қа шамалас материаллар жайластырған.

Мәжилисте Қурылыс, Денсаўлықты сақлаў, Халық билимлендириў және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери тәрепинен қаржылардан мақсетсиз пайдаланылыўы сенаторлар тәрепинен сынға алынды.

Атап айтқанда, Инвестициялық бағдарламаға киргизилген объектлердиң қурылыс-оңлаў жумысларын жойбарластырыў ҳәм жумысларды орынлаўда 5 триллион сумлық 783 объект белгиленген мүддетте пайдаланыўға тапсырылмаған.

Денсаўлықты сақлаў системасында сырт ел кредитлериниң есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде сатып алынған 161,1 миллиард сумлық 629 медициналық әсбап-үскенелер пайдаланылмай алты ай еки жылға шекем қоймаханада сақланған.

Сенат ағзалары жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша белгиленген тапсырмалар өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўы үстинен Есап палатасы өз алдына қадағалаў орнатыў зәрүрлигин атап өтти.

Есап палатасына жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынлаў мақсетинде Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, бюджет шөлкемлери, бюджеттен қаржы алатуғынлар, басқа да мәмлекетлик уйымлар және шөлкемлерди биргеликте қадағалаў бойынша анық режелерди ислеп шығыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, тексериў өткериў дәўиринде жынаят белгилерин көрсететуғын мағлыўматлар, соның ишинде, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар белгилери анықланған жағдайда, тийисли материалларды ҳуқық қорғаў уйымларына тапсырыў бойынша пикир билдирилди.

Сенаторлар Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм белгиленген тәртипте шөлкемлестирилген басқа да қорлар бюджетлериниң қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў үстинен қадағалаў алып барыўда, бюджет ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўын, буны келтирип шығарып атырған себеплер ҳәм шараятларды таллаўда, бюджет ҳаққындағы нызамшылықты буннан былай да жетилистириўде Есап палатасы ҳәм Сенаттың ис-ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Атап өтилген машқала ҳәм кемшиликлер Ҳүкимет, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлардағы жуўапкер басшылардың қатнасыўында сын көз қарастан додаланды ҳәм Сенаттың тийисли қарары қабыл етилип қадағалаўға алынды.

Буннан соң Сенат ағзалары «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Атап өтилгениндей, нызам менен салық нызамшылығына бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда,  Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорына өткерилген қайырқомлық қаржылары салық базасын анықлаўда шегирип тасланбайтуғын қәражетлердиң қатарына киргизилмекте.

Нызамға бола, 2022-жылыдң 1-январынан 2031-жылдың 1-январына шекемги дәўирде Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлик субъектлери пайда салығын, айланыстан алынатуғын салықты, социаллық салықты ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын 1 процент муғдарындағы салық ставкалары бойынша төлеўи белгиленбекте.

Сондай-ақ,  юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықты, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықты бул салықлар бойынша есапланған сумманың   1 проценти муғдарындағы салық ставкалары бойынша төлеў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары боялған таўарды, боялған гезлемени ҳәм таяр тигиў-трикотаж өнимин экспорт ететуғын исбилерменлик субъектлери (соның ишинде, комиссионер (исенимли ўәкил) арқалы экспорт еткен исбилерменлик субъектлери) 2022-жылдың 1-февралынан 2025-жылдың 1-январына шекемги дәўирде социаллық салықты 1 процент мәғдарындағы салық ставкалары бойынша төлеўи белгиленбекте.

Бул жеңиллик боялған таўар, боялған гезлеме ҳәм таяр тигиў-трикотаж өнимин экспорт етиўден алынған түсими барлық товарларды ҳәм хызметлерди реализациялаўдан алынған түсимниң кеминде 80 процентин қурайтуғын салық төлеўшилерге қолланылатуғынын атап өтиў керек.

Нызам менен халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў мақсетинде 2021-жылдың 1-майынан 2022-жылдың 31-декабрине шекем республикамыз аймағына өсимлик майы, айғабағар ҳәм зығыр туқымы, сондай-ақ, соя собығын алып кириў, өсимлик майын (пахта майынан тысқары) ислеп шығарыў ямаса реализациялаў бойынша айланыс қосымша қун салығынан азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, 2021-жылдың 10-октябринен 2022-жылдың 31-декабрине шекемги дәўирде болса гөшти (мал гөшин, қой гөшин), тири ҳайўанларды (малды ҳәм қойды) және оларды сойыўдан алынған өнимлерди, картошканы реализациялаў бойынша айланыс, сондай-ақ, оларды мәмлекетимиз аймағына алып кириў қосымша қун салығынан азат етилетуғыны белгиленбекте.

Сенат ағзалары тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам мақулланды.

Кейин ала сенаторлар Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң социаллық қорғаўға мүтәж халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм дәраматын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслар ҳаққындағы есабатын тыңлады.

2021-жылы ўәлаяттың жалпы аймақлық өнимниң көлеми 43,8 триллион сумды, халықтың жан басына салыстырғанда дерлик  13,6 миллион сумды қураған. Киши бизнестиң жалпы аймақлық өним көлеминдеги үлеси 71,8 процентти қурап, ҳәр мың пуқараға 13,8 бирлик бизнес субъекти туўра келген.

Жергиликли бюджет дәраматларының орынланыўы 2 триллион 159,9 миллиард сумға орынланып, жергиликли бюджетке қосымша 225,4 миллиард сум дәрамат түсирилиўине ерисилген.

Ўәлаят бойынша жәми 54 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларын шөлкемлестирген.

Мүтәж шаңарақларға турақ жай сатып алыў ушын ипотека кредитлериниң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплаў мақсетинде 1,1 мың пуқараға субсидия қаржылары төлеп берилген.

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы 198 мыңнан аслам шаңарақ ўәкиллерине дерлик 607,5 миллиард сум муғдарында социаллық напақалар төлеп берилген.

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға жәми 28 миллиард сум материаллық жәрдем көрсетилген.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен бул бағдарда ўәлаятта әмелге асырылып атырған жумыслар сын көзқарастан үйренилгени, үйрениў даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў. мәҳәлле кесиминде ислесиў арқалы халықтың машқалаларын шешиў, медициналық-социаллық мәкемелердиң жумысын жақсылаў сыяқлы мәселелерде өз шешимин күтип турған бир қатар машқалалы мәселелер сақланып атырғаны, үйрениўлердиң дәслепки нәтийжелери халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң кеңейтилген сессиясында додаланып, зәрүр илажлардың белгиленгени атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте республика дәрежесинде шешилиўи керек болған мәселелер кеңнен додаланды.

Атап айтқанда, 2021-жыл даўамында Бәнтлик бағдарламасының орынланыўын аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде әмелге асырыў, жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў және олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар талап дәрежесинде емес екени атап өтилди.

Халыққа өз дәраматына ийе болыўы ушын үй ҳайўанлары ҳәм үй қусларын алыў, ыссыхана қурыў мақсетинде кредит ажыратыўда олардың келешекте усы кредитлерди төлеў қәбилетине ийе болыў ямаса ийе болмаўы есапқа алынбай атырғаны, усындай факторлар себепли ажыратылған кредитлердиң қайтарылыўында машқалалы жағдайлар жүзеге келип атырғаны атап өтилди.

Жаңадан енгизилген ҳәким жәрдемшилери тәрепинен ҳәр бир мәҳәлле бойынша халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, мәҳәллениң драйверин анықлаў арқалы экономикалық раўажландырыў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкершиликти арттырыў зәрүр екени атап өтилди.

Жергиликли бюджет есабынан дәри-дәрмақ сатып алыў қәрежетлери ушын 84,6 миллирд сум муғдарында қаржы ажыратылған болса да, айырым медицина мәкемелеринде ажыратылған қаржылар жылдың ақырына шекем өзлестирилмегени бойынша наразылықлар билдирилди.

Жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклерин социаллық тараў ушын мақсетли бағдарлаў бойынша 2021-жыл даўамында район (қала)лардың бюджетлери қосымша дәреклерден «Пуқаралар басламасы» қорына 5,7 миллиард сум қаржы өткерилмегени, нәтийжеде халықты узақ жыллардан берли қыйнап атырған 14 машқалалы мәселелерди сапластырыў жумысларының кешиккени додалаўларға себеп болды.

Жалпы мәжилистиң жуўмағы бойынша, өз шешимин күтип турған машқалалы мәселелерди сапластырыў бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди ҳәм орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселеси де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен 21 мәселе, соның ишинде, 10 нызам додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети