Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Россия Федерациясы жетекшиси Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Бул ҳаққында «Kazinform» халықаралық мәлимлеме агентлиги хабар берди.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиў барысында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық тараўда бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы додаланған.
Мәмлекет басшылары өз ҳүкиметлеринде жедел түрде шешилиўи зәрүр болған мәселелерге итибар қаратыў бойынша көрсетпе бериўге қарар етти.
Буннан соң Тоқаев Путинге май айының орталарында Москвада болып өтетуғын Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеми басшыларының юбилей ушырасыўында қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги