Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлардың избе-излигин тәмийинлеў, пуқараларды социаллық қорғаў ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў, олардың дәраматларын инфляция дәрежесине қарап индексациялап барыў ҳәм тийисли социаллық төлемлер муғдарының минимал тутыныў қәрежетлери баҳасынан кем болмаўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-майдан баслап жасқа байланыслы, майыплық ҳәм бағыўшысын жойытқанлық пенсиялары муғдары 12 процентке арттырылсын.
- 2022-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 324 000 сум;
жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 633 000 сум;
майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 698 000 сум;
мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – айына 698 000 сум;
1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған шахслар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде жумыс ислеген шахслардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 3 080 000 сум;
белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (633 000 сумнан) 698 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялар муғдары – айына 698 000 сум етип белгиленсин.
- Пенсиялар ҳәм социаллық напақаларды минимал тутыныў қәрежетлери баҳасынан аз болмаған муғдарларда белгилеў мақсетинде 2022-жыл 1-майдан баслап:
зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 500 000 сум;
мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 500 000 сум;
бағыўшысынан айырылған напақа алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары – айына 500 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 185 000 сумнан қосылсын;
бағыўшысынан айырылған пенсия алыўшылардың биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ен кем муғдары – айына 500 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленсин.
- Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қосымша қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың социаллық-экономикалық жағдайы аўырласыўының алдын алыў мақсетинде «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы 2022-жыл 1-апрельге шекем напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ушын мағлыўматлардың қәте берилиўи, киргизилиўи ҳәм техникалық себеплер ақыбетинде пуқараларға артықша төленген суммалар есаптан шығарылсын.
- Пенсиялар ҳәм напақалардың арттырылыўына байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет ҳәм Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қаржылары есабынан қаплансын.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов):
«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемди тайынлаўда минимал тутыныў қәрежетлери баҳасының норма сыпатында белгилениўи, бул түрдеги төлемлерди алыўшылар санының көбейиўи есабынан Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин;
2022-жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекетлик пенсиялар муғдарларын ҳәр жыллық инфляция дәрежесинде қайта есаплаў (арттырып барыў) системасын енгизиўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-апрель