Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов 29-апрель күни елимизге сапар менен келген Япония сыртқы ислер министри Ёсимаса Хаяси менен ушырасты.
В.Норов мийманды елимизге сапары менен қутлықлап, Өзбекстан тәрепи Японияны жақын дос ҳәм ўақыт сынағынан өткен шерик сыпатында билетуғынын атап өтти.
Япония сыртқы ислер министриниң мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы ҳәм стратегиялық шерикликтиң 20 жыллығы белгиленип атырған бир дәўирде елимизге келиўи бирге ислесиўдиң раўажланыўына жедел пәт бағышлайтуғыны, еки тәреплеме байланысты беккемлеўге перспективалы бағдарларды, раўажланыўдың жаңа өсиў ноқатларын белгилеў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Ушырасыўда Япония делегациясына Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылап атрған кең көлемли өзгерислер, халықаралық майданда ерисилип атырған жетискенликлер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, сөйлесиў ўақтында бурын ерисилген келисимлердиң орынланыўы ҳәм ҳәр қыйлы дәрежедеги болажақ сөйлесиўлердиң кестеси додаланды. Тәреплер сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы шерикликти сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге таяр екенин билдирди.
«Орайлық Азия + Япония» қарым-қатнасының нәтийжелилигин транспорт-логистика системасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў, сондай-ақ, экология, билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында қоспа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм жолға қойыў арқалы арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды. Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар берилди. Аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўди даўам еттириў зәрүрлиги мақулланды.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы