Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни елимизде рәсмий сапар менен болып турған Япония сыртқы ислер министри Ёсимаса Хаясиди қабыллады.

Бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 30 жыл және стратегиялық шериклик орнатылғанына 20 жыл толатуғын жылы болып өтпекте.

Ушырасыўда көп қырлы Өзбекстан – Япония бирге ислесиўин және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

2019-жыл декабрь айында Токиоға әмелге асырылған жоқары дәрежели сапар мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий дослық байланысларды беккемлеўде жаңа басқышты баслап, бирге ислесиўди анық мазмун менен байытқаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жыллары қоспа кәрхана ҳәм жойбарлар саны, соның ишинде, Өзбекстанда энергетика ҳәм туризм инфраструктурасын, жоқары технологиялық санаатты раўажландырыўға Япония жетекши компанияларының тиккелей инвестицияларын тартыў арқалы бир неше есеге көбейди.

Японияның раўажланыў ҳәм бирге ислесиў институтларының финанслық қаржыларының қатнасыўындағы биргеликтеги бағдарламалар портфели 7 миллиард доллардан асты.

Өз-ара саўда көлеми, бәринен бурын, талап жоқары болған санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң жаңа түрлерин жеткерип бериў есабынан артып бармақта.

Мәмлекетимизде өз-ара бирге ислесиўдеги тәлим жойбары – Ташкент қаласындағы Санлы университет табыслы жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлигине айрықша тоқтап өтти ҳәм Япония Бас министри Фумио Кисидаға Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиў усынысын және бир мәрте тастыйықлады.

«Орайлық Азия + Япония» форматындағы конструктивлик регионаллық бирге ислесиўди, бәринен бурын, экономикалық өз-ара байланыслылық, альтернатив энергетика ҳәм экология тараўларында беккемлеўден мәпдарлық билдирилди.

Сыртқы ислер министри Ёсимаса Хаяси Япония ҳүкимети Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар стратегиясын толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, елимиздиң Аўғанстанда турақлы тынышлықты тәмийинлеў ҳәм бул мәмлекеттиң экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў бағдарындағы ҳәрекетлери жоқары баҳаланды.

ӨзА