Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 29-апрель күни жәрдемге мүтәж халықтың социаллық қорғалыўын және де күшейтиў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында социаллық әдиллик принципи тийкарында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты сапластырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары етип белгиленген. Негизинде бул елимиздеги халықшыл жумыслардың избе-из даўамы болып табылады.
Кейинги жыллары итибарға мүтәж халық қатламына ғамхорлық көрсетиў бойынша жаңа система жаратылды. Бул системаға муўапық, Меҳрийбанлық үйлериндеги 1 мың 500 ге шамалас балалар шаңарақларға алынды, 116 Шаңарақлық меҳрийбанлық үйи шөлкемлестирилип, 700 ге шамалас ул-қызлардың ата-ана қушағында камалға келиўи ушын шараят жаратылды.
Өткен жылы 757 кем кеўил бала турақ жай менен тәмийинленди. Мәмлекет есабынан 4 мыңнан аслам балаларда қурамалы операциялар өткерилди.
Майыплығы болған пуқараларды қоллап-қуўатлаў көлеми де кеңейди. Соның ишинде, өткен жылы 42 мыңға шамалас адамға реабилитация ҳәм протез-ортопедия үскенелери алып берилди. Еситиў қәбилети әззи 555 бала кохлеар имплант пенен тәмийинленди. 4 мың көзи әззи балаға Брайл әлипбеси тарқатылды.
Итибарлы тәрепи, 35 мыңға шамалас тәрбиялаўға мүтәж балалардың аналарына 500 мың сум напақа төлеў енгизилди. Бундай система бизде алдын болмаған.
Сондай-ақ, балалықтан майып және биринши ҳәм екинши топар майыбы болған шахслар айлығының 2 миллион 500 мыңға шекемги бөлеги дәрамат салығынан азат етилди. Жумыс бериўшилер тәрепинен майыплығы болған шахслар ушын төленген социаллық салық суммасы бюджеттен толық қайтарып берилмекте.
Булардан тысқары, пенсия ҳәм напақалардың ең аз муғдары 40 процентке арттырылды. Улыўма напақа алыўшылар саны 2016-жылғы 466 мыңнан 2022-жылы 1 миллион 860 мыңға жеткерилди.
Сондай-ақ, қәўендерлик қорлары, жәмийетшиликтиң басламасы арқалы да көплеген инсанларға жәрдем берилди.
Мәжилисте бул ийгиликли жумысларды даўам еттириў, елимиздеги меҳир-мүриўбет орталығын беккемлеўге қаратылған және де кең имканиятлар белгиленди.
Мәмлекетимизде 3 миллионан артық нураныйлар бар. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги арқалы оларға ғамхорлық етиў, саламатлығын сақлаў итибарға алынған.
Мәжилисте басқалардың күтимине мүтәж кекселер ҳәр жылы санаторийларда емлениўи, кем тәмийинленген нураныйлардың дәри-дармақ ҳәм ортопедия үскенелери, хирургиялық операцияларының қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғыны атап өтилди.
Кекселердиң спорт пенен шуғылланыўы, театр ҳәм музейлерге барыўы, елимиз бойлап саяхат етиўи ушын жеңилликлер белгиленди.
Жәрдемге мүтәж халықты материаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде бүгин пенсия ҳәм напақаларды 1-майдан 12 процентке арттырыў ҳаққында Президент пәрманына қол қойылды. Бул арқалы 4 миллион 100 мың халық шаңарағына қосымша қаржы кирип барады.Бул мақсетлер ушын усы жылы 4 триллион сум қаратылады. Сондай-ақ, ең кем пенсия алатуғын 725 мың халықтың пенсиясы 14 процентке арттырылады.
Буннан тысқары, 9-май алдында урыс қатнасыўшыларына 15 миллион сумнан бир мәртелик ақашалай сыйлық бериледи.
Майыплығы болған жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў системасы да кеңейтилетуғыны мәлим етилди. Соның ишинде, 1-майдан баслап, майыплығы болған пуқараларды жумысқа алған кәрханаларға, 6 ай даўамында ҳәр бир мине усындай хызметкери ушын 400 мың сумнан субсидия бериледи.
Өзин-өзи бәнт еткен ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланатуғын майыплығы болған шахсларға әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын субсидия ажыратылады. Олар кәсип-өнерлерге мәмлекет есабынан оқытылады. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине бул бойынша тапсырма берилди.
Майыплығы болған шахслар менен ислесетуғын мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерине мийнет ҳақы төлеў ушын мәмлекеттен субсидия ажыратылады.
Көзи көрмейтуғын ҳәм әззи көретуғын балаларды толық билимлендириўге тартыў мақсетинде «Нурлы мәкан» мектеплеринде жаңа оқыў жылынан қосымша 850 оқыў ханасы ҳәм 1 мың 200 жатақхана орны шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында, бул мектеп китапханалары Брайль жазыўындағы сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары, көркем әдебиятлар менен тәмийинленеди.
Жуўапкер министрликлерге бақша жасындағы көзи әззи балалар ушын басқышпа-басқыш бир жыллық таярлаў топарларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Буннан тысқары, 3 мыңнан аслам әззи еситетуғын балаларға заманагөй еситиў үскенелери жеткерип бериледи. Арнаўлы мектеп-интернатлардың барлық хызметкерлерине 50 процентлик үстеме төлеў енгизиледи.
Майыплығы болған балалардың руўхый камалға келиўи ушын 108 мектеп-интернатқа ҳәр жылы 20 мыңнан аслам арнаўлы әдебиятлар сатып алынады.
Майыплығы болған кекселерге де, айрықша итибар қаратылады. Мысал ушын, алдын ислемеген, «Сақаўат» үйлеринде жасаўшы мыңға шамалас адамға ҳәзир ҳеш қандай төлем жоқ. Енди оларға да жеке қәрежетлери ушын кекселик напақасының 20 проценти төлеп бериледи.
Ҳәзирги күнде майыплық пенсиясы пуқаралардың бурынғы ислеген стажы ҳәм мийнет ҳақысынан келип шығып есапланады. Бул – 75 мыңнан аслам жумыс ислеп атырған майыплығы бар пуқаралардың дәраматына тиккелей тәсир етпекте.
Енди, олардың пенсиясы ҳәр еки жылда қайта есапланып, жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақысына қарап арттырып барылады. Оған 300 миллиард сум қосымша қаржы қаратылады.
Шаңарақлық балалар үйлерине бюджеттен қаржы ажыратыў тәртиби әпиўайыластырылады. Яғный, күнделикли қәрежетлерди қаплаў ушын қаржы ата-аналардың жеке пластик картасына өткериледи. Сондай-ақ, шаңарақлық балалар үйлериниң коммуналлық төлемлери халық ушын белгиленген тарифлерде алынады.
Буннан тысқары, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған студентлерге азық-аўқат ҳәм кийим-кеншек сатып алыўы ушын 10 миллион сумнан ажыратыў әмелияты мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында да енгизиледи.
Улыўма, 376 Меҳрийбанлық, Сақаўат ҳәм Мүриўбет үйлери, арнаўлы мектеп-интернатларды оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша 600 миллиард сумлық айрықша бағдарлама қабыл етилетуғыны айтылды.
Президентимиз мәҳәллелерде социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар менен мәнзилли ислесип, оларға жәрдемлесиў тәжирийбесин кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди. Оған бола, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери менен бирге ҳәр бир шаңараққа кирип, шаңарақлардағы ҳақыйқый жағдай ҳәм социаллық хызметлерге талапты анықлайды. Бул хызметлер өз ўақтында ҳәм сапалы көрсетилиўин шөлкемлестиреди. Қурамалы медициналық операцияларға мүтәжлар бийпул емленеди.
Мәмлекетимиз басшысы жумыс ислейтуғын ҳаял-қызлардың социаллық қорғалыўының күшейтилиўин атап өтти.
Ҳәзирги күнде рәсмий емес секторда ҳаял-қызлардың үлеси 57 процентти қурамақта. Себеби көплеген жумыс бериўшилер ҳәмиледарлық напақасын төлемеў ушын ҳаял-қызларды рәсмий жумысқа алмаўға ҳәрекет етеди.
Соның ушын 2022-жыл сентябрьден баслап, туўыў дем алысы төлеминиң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан төлеў тәртиби жолға қойылады. Оның ушын Қаржы министрлиги жанында Социаллық қамсызландырыў қоры дүзилип, усы жылы оған бюджеттен 170 миллиард сум ажыратылатуғыны атап өтилди.
Рамазан айы – меҳир-мүриўбет ҳәм кеңпейиллик айы. Усы мүнәсибет пенен, Президентимиз адасып жынаятқа қол урған, айыбын терең түсинип, дүзелиў жолына исенимли бел байлаған 65 пуқараны әпиў етиў бойынша пәрман қабыл етти. Енди бул инсанлар Рамазан байрамын өз үйинде, жақынлары қушағында күтип алады.
Халқымыздың дәстүрлерине бола, көшелер, парклер тазаланып, абаданластырылады. Кекселер, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар, майыплығы болған жәрдемге мүтәжлардың жағдайынан хабар алынады.
– Уллы ойшыл Әлийшер Наўайы бабамыздың айтқанындай, адамлардың дәртине дәрман болыў- адамгершиликтиң уллы үлгиси екенин умытпаўымыз, бундай ийгиликли жумыс усылы бизиң тек ғана хызмет ўазыйпамыз, ҳүжданый миннетимизге айланыўы керек,- деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.
Жуўапкерлерге мәжилисте белгиленген материаллық жәрдем системасын әмелге асырыў, байрам күнлеринде мүтәжлардың жағдайынан хабар алып, оларға саўға ҳәм сыйлықларды жеткериў тапсырылды.
ӨзА