Мысал ушын, рәсмий емес секторда ҳаял-қызлар үлеси 57 процентти қурамақта.
Себеби, көплеген жумыс бериўшилер ҳәмиледарлық напақасын төлеўде артықша қәрежет етпеў ушын ҳаял-қызларды рәсмий жумысқа алмаўға ҳәрекет етеди.
Бул бойынша 2022-жыл сентябрьден баслап «декрет» төлемлериниң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан төлеў тәртиби енгизилмекте.
Бул жумысларды системалы жолға қойыў мақсетинде 1-сентябрьден Қаржы министрлиги жанында Социаллық қамсызландырыў қоры шөлкемлестириледи. Қорға усы жылы бюджеттен 170 миллиард сум ажыратылады.
Жуўапкерлерге 1-августқа шекем «декрет» пулларын төлеў процесин толық санластырыў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги