Мәжилисте кексе жастағы және жәрдемге мүтәж халықты материаллық қоллап-қуўатлаў жумысларының даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
Бүгин Президент пенсия ҳәм напақаларды 1-майдан 12 процентке арттырыў ҳаққындаға пәрманға қол қойды. Сондай-ақ:
– ең кем пенсия алатуғын 725 мың халықтың пенсиясы 14 процентке арттырылады (440 мың сумнан 500 мың сумға);
– 9-май алдында урыс қатнасыўшылары, концлагерлер тутқынлары ҳәм Ленинград қамалында болған пуқараларға 15 миллион сумнан бериледи.
Жуўапкерлерге:
жалғыз жасап атырған ҳәм басқалардың күтимине мүтәж адамлардан жеке хабар алып, оларға саўғаларды жеткериў;
урыс қатнасыўшылары, концлагерлер тутқынлары ҳәм Ленинград қамалында болған пуқаралардың ҳәр бириниң шаңарағына жеке барып, пул сыйлығы ҳәм баҳалы саўғаларды салтанатлы түрде тапсырыў;
10 мың фронт артында мийнет еткен ветеранлар менен жеке ушырасып, жағдайынан хабар алыў ҳәм саўғалар жеткериў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги