Мәселен, үйме-үй өткерилген хатлаўлар елимизде еле 2,2 миллион халқымыз социаллық мүтәжлигин көрсетти.
Жәрдемге мүтәж халықтың машқалалары менен республикамызда 16 министрлик ҳәм уйым шуғылланса да, олар мәҳәлле дәрежесине түсип жумыс алып бармай атырғаны себепли адамларда бул тараўға наразылықлар көп.
Негизинде халықтың усы қатламы менен ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшылары, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәр күни «хожалық кесиминде» жумыс ислеўи керек.
Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын есапқа алыў, оларға пенсия ҳәм напақалар тайынлаў, кәсипке бағдарлаў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларымыздың көлемин және де кеңейтемиз», -деди Президент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги