Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында күн тәртибинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўлары қамтып алынған кеңейтилген видеоселектор мәжилиси басланады.

Бул ҳаққында президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.

Онда Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳәм оны 2022-жыл – Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын шөлкемлестириў мәселелери додаланады.

Еслетип өтемиз, Президент кеше Орайлық Азия ҳәм Қытай мәмлекетлик басшыларының видеоконференция тәризиндеги ушырасыўында қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги