Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм «Ферғана нефтьти қайта ислеў заводы» ЖШЖ менен биргеликте АИ-80 маркалы бензин өниминиң басланғыш баҳаларының қәлиплесиўи бойынша өткерген таллаўлар ҳәм өндирис процессиндеги айырым қәрежетлердиң азайтылыўы есабынан 1 литр бензин өниминиң баҳасы 7555 сумнан 6500 сумға ямаса 16 процентке арзанластырылыўына ерисилди.

Биржа саўдаларына быйылғы жыл 10-14-январьдағы АИ-80 маркалы  автомобиль бензининиң орташа сатылыў баҳалары 1 тоннасы ушын 2021-жыл 15-19-ноябрьдеги  ҳәптелик  котировакаға орташа 9,6 миллион сумнан 6,7 миллион  сумға шекем ямаса 30 процентке азайыўына ерисилди.

Көрилип атырған илажлар өз гезегинде,  ишки базарда көтере саўда баҳаларының төменлеўине  унамлы тәсир етти ҳәм АЖҚШларда сатылып атырған АИ-80 маркалы бензинниң баҳалары 6000-6500 сумға шекем ямаса 25 процентке шекем  арзанлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги