Оқыў жылының екинши ярымында сабақлар онлайн тәризде басланыўы мүнәсибети менен «Uzbekistan Airways» студентлерге мүрәжат пенен шықты:

  • 2022-жыл 23-февральға шекем, соның ишинде, бийпул пәрўазларға шегирме сақланып қалған ҳалда, 24-январьға шекемги болған авиақатнаўларға 50 процент шегирме менен сатып алынған авиабилетлерди 23-февральға шекем бийпул қайта броньлаўы мүмкин;
  • Деканаттан мағлыўмат ҳәм студентлик гүўалықты усынса, сатып атырған саўда орынларынан 50 процент шегирме менен авиабилетлерди рәсмийлестириўи мүмкин.

Еслетип өтемиз, бурын да «Uzbekistan Airways» қысқы дем алыстың созылыўы мүнәсибети менен 10.01.2022 ге шекем шегирме тийкарында сатып алынған авиабилетлер 23-январьға шекем бар рейслерге қайта броньланып берилетуғыны ҳаққында хабар берилген еди. Буннан бир неше күн алдын болса мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып Жоқары оқыў орынларындағы сабақлар бир ай мүддетке онлайн режимге өткерилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги