Еслетпе!

Ҳүрметли жолаўшылар, 2022-жыл 25-январь күни Республикамыз электр энергия тәмийнаты системасында жүзеге келген үзилис нәтийжесинде жолаўшы поездлардың ҳәрекет кестесине өзгерислер киргизилди. «O‘ztemiryo‘lyo‘lovchi» АЖ сизлерге электр энергия тәмийнаты толық тиклениўи менен барлық поездлар ҳәрекет кестеси бойынша ҳәрекетленетуғынын мәлим етеди, деп жазады «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети.

Буннан тысқары ҳәрекет кестесинде өзгерис болған ўақытта алдыннан сатып алынған ҳәм пайдаланылмаған билетлер темир жол кассаларында ҳеш қандай қосымша төлемлерсиз қайтарып алынады, ямаса басқа күнге алмастырып бериледи.

Аймақлардағы темир жол кассаларында билетлерди алмастырыўға үлгермеген жолаўшылар болса, Ташкент орайлық темир жол вокзалындағы кассаларға келип биймәлел алмастырып алыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги