ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиндеги «Жаслар қанаты» тәрепинен Тақыятас районындағы «Нурлы келешек» МПЖда «Депутат ҳәм жаслар» атамасында жәмлеспеген жаслар менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисов, районлық Кеңес депутатлары И.Маткаримов, Р.Қыдырбаев, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар қатнасты.

Сәўбетлесиў даўамында тийкарынан бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, жеңилликлер, Жаңа Өзбекстанды жаратыўдағы жаслардың орны туўралы мағлыўматлар берилип, бүгинги күнде жасларымыздың барлық тараўларда белсендилиги артып атырғанлығы атап өтилди. Пикир-усыныслар билдирилип, жаслардың машқалалары тыңланды.

Атап айтқанда, усы мәҳәлледе жасайтуғын жигит-қызлардан Д.Жумабаев кооперациялық усылда инкубатор алыўда, М.Вепаева субсидия тийкарында тигиў машинасын алып, өзин-өзи бәнт етиўде, А.Камалбаева репетиторлық етиў мақсетинде бос турған имаратты алып бериўде жәрдем сорады.

Көтерилген машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде шешилген болса, айырымларын ҳәким жәрдемшилери менен үйренип шығыў ҳәм орынланыўын қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сәўбетлесиў даўамында бир қатар белсенди жасларға партия тәрепинен естелик саўғлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги