Ҳүрметли Басшы Си Цзиньпин Мырза!

Ҳүрметли кәсиплеслер, әзиз дослар!

Сизлерди қызғын қутлықлайман ҳәм Қытай Халық Республикасы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен билдирилген қутлықлаўларға қосыламан.

Мырза Си Цзиньпинге ушырасыўымызды шөлкемлестиргени ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Өткен 30 жылда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық қатнасықлар жедел ҳәм турақлы түрге енди.

Бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде итибарды төмендеги тийкарғы бағдарларға қаратыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Биринши. Жипек жолының Экономикалық статусын қурыў бағдарындағы басламаның әҳмийетли ўазыйпасы саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўден ибарат.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер себепли Өзбекстанның Қытай менен товар алмасыўы 30 жылда 140 есеге көбейди. Қытайдың экономикамызға инвестицияларының көлеми 2017-жылдан берли бес есеге артты.

Соның менен бирге, бул көрсеткишлер бар үлкен потенциалды толық сәўлелендирмей атыр.

Бүгин Қытай – бул тек ғана «глобаллық фабрика» емес, ал «глобаллық базар» болып есапланады.

Бизлер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай экономикаларының бир-бирин толықтырып туратуғын үстинликлерин есапқа алған ҳалда бул имканиятлардан максимал дәрежеде пайдаланыўдан мәпдармыз.

Орайлық Азия мәмлекетлеринен Қытайға тосқынлықларсыз саўданы тәмийинлеў ҳәм таяр өнимлер жеткерип бериў көлемин арттырыў бойынша мәнзилли илажлар көриў, Қытай технологияларын тартқан ҳалда регион мәмлекетлери импорт етип атырған өнимлерди ислеп шығарыў ушын улыўма санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў орталығын қәлиплестириў нәзерде тутылған Жаңа «Қытай – Орайлық Азия» экономикалық қарым-қатнас биргеликтеги стратегиясын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Екинши. Транспорт инфраструктурасы Орайлық Азия ҳәм Қытай арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў раўажланыўының драйвери болып есапланады.

«Қытай – Орайлық Азия» жөнелиси бойлап жеткерип бериўде пандемия ақыбетинде келип шыққан логистикалық үзилислер мәмлекетлеримиздиң көплеген тармақларын зәрүр үскенелер ҳәм шийки затсыз қалдырды.

Бул жағдай тийкарғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мүддетлери ҳәм сапасына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен жүк ағымының үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм трансрегионаллық логистика тармақларын раўажландырыў ушын системалы шешимлер ислеп шығыўды айрықша әҳмийетке ийе деп есаплаймыз.

Соның менен бир қатарда, «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолын қурыў жойбарын әмелий жүзеге шығарыўға усы жылдан-ақ кирисиў әҳмийетли.

Бул мәселелерди жедел шешиў мақсетинде Орайлық Азия ҳәм Қытай мәмлекетлери ҳүкимет басшыларының орынбасарлары дәрежесинде Муўапықластырыўшы комитет дүзиўди усыныс етемиз.

Үшинши. Пандемиядан кейинги тиклениў ҳәм төртинши санаат революциясына жедел өтиў шараятында санлы технологияларды кеңнен қолланыўдың әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Қытайдың бул тараўда топлаған тәжирийбесин есапқа алып, санлы экономика ҳәм саўданы раўажландырыў, электрон ҳүкимет, блокчейн ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў тараўындағы өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыўды усыныс етемиз.

Бул бағдарда әмелий нәтийжелерге ерисиў мақсетинде мәмлекетлеримиз IT парклери негизинде биргеликтеги «Интеллектуаллық Жипек жолы» платформасын жаратыўды усыныс етемиз.

Төртинши. Жәмийет саламатлығын сақлаў ҳәм жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиў бағдарында мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўин беккемлеўди әҳмийетли деп есаплаймыз.

Оғада қысқа мүддетте коронавирусқа қарсы Өзбекстан – Қытай вакцинасын ислеп шығарыў жолға қойылып, бул вакцинаның он жети миллион дозасының таярланғаны дыққатқа ылайық.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли мырза Си Цзиньпин, Қытай Ҳүкимети ҳәм халқына коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде Өзбекстанға шексиз жәрдем көрсеткени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Фармацевтика, дәстүрий медицина, врачлардың маманлығын арттырыў ҳәм тараў емлеўханалары арасындағы шериклик бағдарындағы бирге ислесиўимизди кеңейтиўге таярмыз.

Тез пурсатта вакцинация паспортларын өз-ара тән алыў бойынша келисимлерге ерисемиз, деп үмит етемиз.

Бесинши. Биз кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында избе-из илажларды әмелге асырыўға халықтың абаданлығын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти сыпатында қараймыз.

Қытайдың толық кәмбағаллық үстинен ерискен тарийхый жеңисин жоқары баҳалаймыз.

Қытай тәжирийбесин қолланған ҳалда Өзбекстанда кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлар бизге, ҳәттеки, пандемия шараятында ярым миллионнан аслам шаңарақларды кем тәмийинленгенлер категориясынан шығарыў имканиятын берди.

2026-жылға барып кәмбағаллық дәрежесин еки есе азайтыўды мақсет еткенбиз.

Бул мақсетке ерисиў ушын аграр тармақты модернизациялаў, шорланған ҳәм кебир жерлерде егинлер жетистириў, қала ҳәм аўыл арасында өндирис шынжырларын жолға қойыўда Қытай менен бирге ислесиўди даўам еттириў нийетиндемиз.

Алтыншы. Пандемия шараятында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында тығыз бирге ислесиў мәселелери айрықша зәрүрликке айланбақта.

Бул ўазыйпаның шешимине халықтың азық-аўқат өнимлерине байланыслы тез өсип атырған талапларын қанаатландырыў бойынша алдыннан биргеликтеги илажларды әмелге асырыў арқалы ғана ерисиў мүмкин.

Усы мәнисте, БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен пандемия шараятында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша өз алдына резолюция қабыл етилиўи ҳаққындағы басламаны биргеликте алға қойыўды усыныс етемиз.

Бул ҳүжжетте азық-аўқат тармағына инвестицияларды көбейтиў ҳәм «жасыл коридорлар» жаратқан ҳалда өз-ара жеткерип бериўдиң нәтийжели механизмлерин қәлиплестириў мәселелери есапқа алыныўы әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Жетинши. «Климат» күн тәртибин ҳәм «экологиялық таза раўажланыў»ды биргеликте алға қойыў бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли бағдарлары болып есапланады.

2026-жылға шекем Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия генерациясының үлесин 25 процентке жеткериў, 2030-жылға шекем болса парник газлерин шығарыўды 35 процентке қысқартыўды режелестирмектемиз.

«Жасыл Жипек жолы» басламасы шеңберинде альтернатив энергетика, қуяш ҳәм самал электр станциялары ушын аўысық бөлеклер ҳәм үскенелерди локализациялаў, тармақ ушын кадрлар таярлаў тараўларына Қытай инвестициялары ҳәм технологияларын тартыў бойынша бирге ислесиў «жол картасын» ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Сегизинши. «Мәдений-гуманитарлық» бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў халықларымыздың буннан былай да жақынласыўына хызмет етеди.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў бағдарында Сизиң ҳүрметли мырза Си Цзиньпин, басламаңыздың раўажланыўы сыпатында келеси жылды «Орайлық Азия ҳәм Қытай халықлары мәденият ҳәм көркем өнери жылы» деп жәриялаўды усыныс етемиз.

Жаслар мәмлекетлеримиз халқының ярымын қурайтуғынын есапқа алып, академиялық ҳәм студентлер алмасыўларына, жаслар фестивальлары, форумлары ҳәм спорт жарысларын өткериўге айрықша итибар қаратыў әҳмийетли болып есапланады.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бәсеки күшейип атырған ҳәм дүнья жүзиниң түрли орынларында келиспеўшиликлер даўам етип атырған шараятта регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, соның ишинде, «үш жаўыз күш»ке қарсы гүресиў бағдарында буннан былай да тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў айрықша әҳмийетке ийе.

Қазақстан халқының данышпанлығы ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевтың исенимли ҳәрекетлери себепли мәмлекеттеги жағдай нормалласқаны бизлерди қуўандырады.

Қәўипсизлик – бөлинбейди, Қазақстанда тынышлық – пүткил регионымыздағы турақлылық гиреўи болып есапланады.

Аўғанстандағы жағдайдың турақласыўы ҳәм бул мәмлекетте гуманитар кризис күшейиўиниң алдын алыў тийкарғы мәселелеримиз қатарына киреди.

«Қәўипсиз Жипек жолы» концециясын әмелге асырыў жолында Аўғанстан бойынша ҳәрекетлеримизди муўапықластырыўды даўам еттириў әҳмийетли болып есапланады.

Биз қытайлы бирге ислесиўшилер менен биргеликте Аўғанстанда инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўдан да мәпдармыз.

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Кәсиплеслерим тәрепинен билдирилген барлық баслама ҳәм усынысларды, сондай-ақ, бүгинги саммит жуўмақлары бойынша Биргеликтеги билдириўди толық қоллап-қуўатлаймыз.

Бул ҳүжжетте көп қырлы шериклигимизди буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерине байланыслы улыўма көзқараслар өз көринисин тапқан.

Диломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў бойынша ислеп шығылған режени биргеликте әмелге асырыўға таярмыз.

Сөзимниң жуўмағында бүгинги ушырасыў шөлкемлестирилгени ушын Сизге, мырза Си Цзиньпин, және бир мәрте шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен ҳәм Сизди және пүткил Қытай халқын жақынласып киятырған Бәҳәр байрамы – Чуньцзе менен қызғын қутлықлайман.

Қытайлы досларымызға Пекиндеги қысқы Олимпиада ойынларының табыслы өткерилиўин тилеймиз.

Итибарыңыз ушын рахмет.