Академик Бахтиёр Назаров

Белгили әдебияттаныўшы илимпаз, өзбек әдебий сынының жетекши ғайраткерлеринен бири, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Бахтиёр Назаров 77 жасында қайтыс болды.

Б.Назаров 1945-жыл 17-сентябрьде Ташкент қаласында туўылды. 1966-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) тамамлап, мийнет жолын мектеп муғаллимшилигинен баслады, кейин ала Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Тил ҳәм әдебият институты (ҳәзирги Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты) аспирантурасында оқыды. Дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссертацияларын қорғады. 2000-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги етип сайланды.

Талантлы илимпаз өзиниң 55 жыллық илимий педагогикалық жумысы даўамында Өзбекстан энциклопедиясы редакциясының редакторы, Илимлер академиясы президентиниң кеңесгөйи, бас илимий хызметкер, Илимлер академиясы Тил ҳәм әдебият институтының киши, аға илимий хызметкери, бөлим баслығы, илимий хаткер, директор, Илимлер академиясы социаллық-гуманитарлық пәнлер бөлими илимий хаткери, бас илимий хаткер орынбасары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары лаўазымларында нәтийжели мийнет етти.

Өзбек әдебий сынының илимий тийкарларын жаратыў бойынша фундаменталь изертлеўлер алып барып, тараўда жоқары маман кадрлар таярлаўға мүнәсип үлес қосты. Атап айтқанда, оның басшылығында 10 илим докторы ҳәм 20 дан аслам илим кандидатлары таярланған.

Б.Назаровтың XX әсир өзбек әдебияты ҳәм ҳәзирги әдебий процесске байланыслы илимий мийнетлери, сабақлықлары, онлаған монография ҳәм қолланбалары, 200 ден аслам илимий мақалалары заманагөй өзбек әдебиятының көркемлик дәрежесин баҳалаўда өзине тән орын ийелейди.

Академик Б.Назаровтың мәмлекетимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери» ҳүрметли атағына ерискен еди.

Белгили илимпаз, меҳрийбан устаз, кишипейил инсан Бахтиёр Назаровтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Б.Йўлдошев, С.Саидов