O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм идеологиялық үгит-нәсият бөлими тәрепинен «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбарына бағышланған  дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары, ZOOM бағдарламасы арқалы районлық Кеңеслердиң хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, бир идея ҳәм мақсет жолында жәмлесип киятырған O’zLiDeP тиң сиясий күш сыпатында жумысына, әсиресе, соңғы бес жыл ишинде Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў барысында «Ҳәрекетлер стратегиясынан-Раўажланыў стратегиясына қарай» деген принцип тийкарында әҳмийетли ўазыйпаларға әҳмийет қаратпақта.  Раўажланыў стратегиясы 7 әҳмийетли бағдардан ибарат болып, онда жәми 94 мақсетли ўазыйпа қамтып алынған және келеси  2022-2026-жыллар даўамында мәмлекетимиздеги дерлик барлық тараўларды ҳәр тәреплеме реформалаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар белгиленген.

Атап айтқанда, Раўажланыў стратегиясында инсан қәдирин буннан былай да улығлаў, халықтың абаданлығын арттырыў идеясы жәмленгенлиги атап өтилди. Усы жойбардың 3 бағдары партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларына үнлес болып, миллий экономиканы раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды қамтып алған.  Бул болса партияның электораты есапланған исбилерменлердиң мәплерине толық хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Жойбарда әсиресе, жеке секторды қоллап-қуўатлаў бойынша экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм жеке сектор ушын кең жол ашыў мақсетинде эксклюзив ҳуқықларды бийкар етиў ҳәм мәмлекет қатнасындағы компанияларды меншиклестириў есабынан 25 тен зыят хызмет түри бойынша монополияның сапластырылыўы, бунда 2022-жылда-14, соның ишинде, халыққа ҳәм социаллық тараў объектлерине суйылтырылған газ жеткерип бериў, сертификатластырыў хызметлери, 2023-2025-жылларда-11, соның ишинде, нефьт өнимлерин сақлаў, темир жолларда тасыўда қосымша хызметлерди көрсетиў, аэровокзал ҳәм вокзал алды компекслерин жүргизиў хызметлери, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў, тасыў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў хызмети, темир жолда экспедиторлық хызметлеринде монополия сапластырылады.

Илажда тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, депутатлар ҳәм белсендилер өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Сөзге шыққанлар Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы  тәрепинен жойбарды буннан былай да жетилистириў бойынша тийкарланған усыныслар таярланып, барлық аймақларда халықты додалаўларға белсене қатнасыўға шақырыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылып атырғанлығы айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги