Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департамент ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Әмиўдәрья районы бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында жасалма усылда таярланған спиртли ишимликлер саўдасының алды алынды.

Атап айтқанда, илаж даўамында пуқаралар О.З., Н.М. ҳәм Ж.А. алдын ала тил бириктирип, пуқара А.ға қолдан жасалма усылда таярланған акциз маркалы жәми  804 дана «Қаратаў» арағын 13,4 миллион сумға сатып атырғанында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Ҳәзир бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 176-статьясы (қәлбеки пул, акциз маркасы ямаса баҳалы қағазлар таярлаў, оларды өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги