Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдеги «Өзбекстан Республикаси Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилген еди.

Быйыл 17-21-январь күнлери, усы институт тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигинде агроном-энтомологларды қайта таярлаў ҳәм олардың билим дәрежесин арттырыў мақсетинде оқыў-семинарлары шөлкемлестирилмекте.

Оқыў семинарларына Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң баслығы А.Турдышов, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институтының ўәкили, институттың лаборатория меңгериўшиси А.Мамбетназаров, институттың Нөкис аймақлық филиалының қәнигелери ҳәм агентликтиң агроном-энтомологлары қатнаспақта.

Оқыў-семинар даўамында тараўға байланыслы қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў нызамшылығының, яғный, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдеги ПҚ-5185-санлы қарарына муўапықластырылыўы бойынша алып барылып атырған илажлар бойынша түсиниклер берилмекте. Сондай-ақ, ишки ҳәм сыртқы карантин илажлары, экспорт ушын жетистирилип атырған мийўе-палыз өнимлерин қадақлаў цехларында қабыл етиў, сортиривкалаў, қадақлаў процесслери ҳәм өнимлердиң халықаралық импорт-фитосанитариялық талаплары ҳаққында да кең түрде мағлыўматлар бериледи.

Семинар қатнасыўшылары аўыл хожалығы егинлерине зыян тийгизетуғын шегирткелерди анықлаў ҳәм оларға қарсы гүресиў усыллары, масақлы дән егинлериниң зыянкеслери, оларға қарсы гүресиў усыллары, шеттен кирип келиў қәўпи болған карантин зыянкеслериниң алдын алыў илажлары ҳәм басқа да темалар бойынша мағлыўматларға ийе болмақта.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги