2021-жыл 24-декабрь күни жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң финанслық турақлылығын тәмийинлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелерин еркин шешиў, илимий-изертлеў жумысына қаржыларды тартыў имканиятын кеңейтиў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасында бәсекилик орталығын раўажландырыў мақсетинде Президентимиз тәрепинен жоқары оқыў орынлары системасының унамлы тәрепке өзгериўине алып келетуғын еки қарар қабыл етилди. Усы қарарлар тийкарында жоқары билимлендириў системасындағы басқарыў системасы, оқыў процесслери жаңа бағдарға өтпекте.

Усы мақсетте жоқары билимлендириў тарийхында биринши мәрте – ректорлар, проректорлар, деканлар, финанслық мәселелерге жуўапкер қәнигелер ушын, олардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, жаңаша тәртипте ислеўди баслаў мақсетинде, усы жылдың 10-24-январь күнлери аралығында, тастыйықланған реже тийкарында әмелий семинар-трининглер өткерип келинбекте.

Студент-жаслардың қысқы дем алыс күнлериниң 10-январьдан 24-январьға шекем созылғанынан утымлы пайдаланылып, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында да филиалдың профессор – оқытыўшылары оқытылмақта.

– Бүгинги семинарда, филиалдың профессор-оқытыўшыларына «Жоқары оқыў орынлары системасын басқарыў – Хемис бағдарламасынан нәтийжели пайдаланыў», «Кредит модул системасы тийкарында билимлендириў процесслерин шөлкемлестириў» ҳәм «Академиялық ҳәм финанслық еркинликтиң имканиятлары» мәселелери бойынша филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Б.Утемуратов, оқыў ислери бойынша бөлим баслығы Д.Қошанов, «Спорт түрлери» факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары Б.Тайровлар тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди,-дейди филиалдың стажёр-оқытыўшысы А.Примбетов. – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-декабрь күнги «Мәмлекетилик жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық еркинлик бериў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарларына тийкарланып енгизилген өзгерислер туўралы да кең түрде мағлыўматлар берилди.

Семинарлар даўамында, финанслық еркинлик берилип атырған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери, усы билимлендириў мәкемелерине берилген еркин қарар қабыл етиў ўәкилликлери, профессор-оқытыўшылардың штат бирликлерин киргизиў нормаларын ислеп шығыў сыяқлы басқа да бир қатар жаңалықларға ийе болдық.

Семинар-тренинглер барлық жоқары оқыў орынларында даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги