Бүгин, 17-январь ҳәм ертең, 18-январь күнлери республикамыз бойлап турақлы болмаған ҳаўа райы сақланып турады. Бул жағдай Иран аймақларынан ыссы ҳәм оғада ығал ҳаўа массаларының кирип келиўи менен байланыслы есапланады. Республика бойлап базы жерлерде жаўын жаўады, базы жерлерде күшли болыўы мүмкин. Қарақалпақстанда жаўын-шашын (жаўын қарға айлыныўы мүмкин) болады. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы, айырым жерлерде ҳаўа ашық болғанда 12 градус жыллы, Қарақалпақстанда түнде 3-8 градус суўық, күндиз 3 градус суўық 2 градус жыллы дөгерегинде болады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

Өзбекстан бойлап 19-январь күни азанда жаўын жаўыў тезлиги төменлей баслайды, күндизги ўақытта суўық фронт өтиўи нәтийжесинде базы аймақларда жаўын қарға айланыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында түнде ҳәм азанда базы жерлерде бираз қар жаўыўы бақланады. Республика бойлап ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўықтан 2 градус жыллыға шекем, күндиз 5-8 градус жыллыға шекем төменлейди.

Пийшемби күни Өзбекстанда ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық 2 градус жыллы, күндиз 7-10 градус жыллы болған қурғақ ҳәм бираз бултлы ҳаўа райы күтилмекте.

Жума күни Өзбекстан аймағына Каспий теңизинен бираз ығал ҳәм салыстырмалы суўық ҳаўа массасы кирип келеди. Республика бойлап базы жерлерде бираз жаўын жаўыўы мүмкин, Қарақалпақстанда бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Ферғана ойпаты ўәлаятларында жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы 0-5 градус жыллы, базы жерлерде 2 градус суўық, күндиз 5-10 градус жыллы болады.

Өзбекстан бойлап айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин.

18-19-январьда республика бойлап базы жерлерде самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

18-19-январьда республиканың таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен күшли жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. 18-19-январьда қар көшиўи қәўпи бар.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.