Өзбекстан бойлап 2022-жыл 14-январь жағдайына бола, 401 мың 604 сатып алыў чеклери «кэшбек» ушын «Салық» мобиль қосымшасында дизимнен өткерилген. Бул ҳаққында Мәмлекетлик салық комитети хабар берди.

Атап өтилиўинше, жәми «кэшбек» суммасы 5 миллиард сумнан асламды қураған. Мобиль қосымшада 25 мыңнан аслам жаңа пайдаланыўшы дизимнен өткен.

Соның менен бирге, чеклердеги мағлыўматларды надурыс көрсетиў, QR-кодлы чеклерди бермеў, басқа да шахслардың чеклери есабынан «кэшбек»қа ийе болыў сыяқлы тутыныўшылардың ҳуқықларын бузыў, «кэшбек» әмелиятына унамсыз тәсир етиўши жағдайлар бақланған. Соның ишинде, саўда хызметкерлери тәрепинен онлайн-ҚКМ чеклериниң нусқасын басып шығарған ҳалда қарыйдардан бурынырақ дизимнен өткериў жағдайы көп ушырасқан.

Сол себепли тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде бир қатар талаплар орнатылмақта. Атап айтқанда, QR-кодлы чек биринши мәрте «Салық» мобиль қосымшасында сканерленгенде тутыныўшы тәрепинен киргизилген телефон номери менен мағлыўматлар базасында автоматластырылған түрде дизимге алынады. Қайта сканерленгенде қурылма экранында чек қайсы сан арқалы дизимге алынғанын көрсетиўши еслетпе пайда болады. Сондай-ақ, ҳәр бир пуқара бир күнде бир саўда ноқатынан бесеўге шекем чекти дизимге алыў тәртиби енгизиледи. 6-чек дизимнен өткерилгенде қурылма экранында күнлик лимит тамам болғаны ҳаққында еслетпе пайда болады.

ӨзА