Пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» сарайында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы және Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм басқа да тийисли структуралардың жуўапкерлери, әскерлер, тараўға байланыслы қәнигелескен оқыў дәргайлары және жәмийешилик ўәкиллери, «Темурбеклер мектеби»ниң курсантлары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри Баҳодир Қурбанов оқып еситтирди.

Кейинги жыллары Миллий армиямызды түпкиликли реформалаў, оны қурам ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, жәҳән талапларына сәйкес түрде модернизациялаў бойынша системалы ҳәм бурын мисли көрилмеген көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта. Әскерий билимлендириў тараўы дәўир талабына сәйкес түрде жетилистирилмекте. Тараў хызметкерлериниң өмир мазмунына айланып кеткен мақтанышлы мийнетин материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў, социаллық жақтан хошаметлеў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Өмирин Ўатан қорғаўға бағышлаған әскерлеримиз ушын жаңадан-жаңа турақ жай массивлери, заманагөй турақ жайлар, зәрүр инфраструктура қурылмақта.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде тек ғана мәмлекетимиздиң бир пүтинлиги ҳәм ғәрезсизлиги емес, ал пүткил региондағы тыныш-татыў турмысты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, қырағылық ҳәм сақлықты бир минут болса да тоқтатпаў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

– Мәмлекетимиз басшысының сәне мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы барлық әскерлеримиздиң жүрегинен орын алды, десем қәте болмайды,-деди Қорғаныў министрлиги орайының баслығы, «Шуҳрат» медалының ийеси Диёрбек Ҳожибоев. – Ҳәзирги ўақытта бул қутлықлаў биз ушын жаңадан-жаңа ўазыйпаларды белгилеп алыўда әҳмийетли қолланба болып есапланады.

Илажда ғәрезсизлигимиз, жанажан Өзбекстанымыз, тыныш күнлеримиз, жәмийетимиздеги аўызбиршиликти, татыўлықты жырлайтуғын қосықлар жаңлады.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддинжон Исмоилов, Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы